2018-жыл 8-майда «Өзбекстан Республикасында кеширим бериўди әмелге асырыў тәртиби ҳаққында режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналына тийкарланып Daryo.uz сайты хабар бермекте.

Усы мүнәсибет пенен, 2009-жыл 13-мартта қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында кеширим бериўди әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы Реже өз күшин жоғалтты.

Хош, жаңа редакцияда қабыл етилген Реже менен бурынғысының қандай парқы бар?

Бириншиден, кеширим бериў ҳаққындағы өтиниш хатын киргизиў ҳуқықына ийе болған субъектлердиң дизими анықластырылды. Бурынғы Режеде «Кеширим бериў ҳаққындағы өтиниш хаты, қағыйда тәризинде, судланған шахс тәрепинен жазба формада Өзбекстан Республикасы Президенти атына бериледи» деп белгиленген еди.

Жаңа Режеде болса, бул өтиниш хаты судланған ямаса жазаны атқарып шыққан шахс, сондай-ақ, нызамлы тәрептен өтиниш хатын киргизиў ҳуқықына ийе болған басқа шахс (орган) тәрепинен киргизилиўи мүмкин екенлиги келтирилген. Сондай-ақ, өтиниш хаты басқа шахс (орган) тәрепинен берилгенде кеширим берилиўи соралып атырған шахстың жазба формадағы разылығы болыўы керек.

Екиншиден, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы кеширим бериў мәселелери бойынша Комиссияның қурамына кимлер кириўи анық көрсетип берилди. Жаңа Режеге тийкарланып, усы Комиссияның қурамы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Бас прокуратурасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, сондай-ақ, Жаслар аўқамы ҳәм Ҳаял-қызлар комитети, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеси және «Нураный» қоры ўәкиллеринен ибарат болады.

Сондай-ақ, Комиссия қурамына Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенат ағзалары, басқа мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери және басқа шахслар да киргизилиўи мүмкин.

Үшиншиден, кеширим бериў ҳаққындағы өтиниш хатына қосымша етилетуғын ҳүжжетлердиң саны көбейди. Атап айтқанда, өтиниш хатын дәслепки тәризде көрип шығатуғын Президент жанындағы кеширим бериў мәселелери бойынша Комиссия Секторына өтиниш хаты менен бирге жиберилетуғын ҳүжжетлердиң дизимине жазаны орынлайтуғын мәкеме администрациясы тәрепинен тастыйықланған айыпкердиң шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжеттиң нусқасы қосылды.

Еслетип өтемиз, Режеге муўапық кеширим бериў Президент тәрепинен төмендеги формаларда әмелге асырылады:

– тийкарғы ҳәм атқарылмаған қосымша жазадан толық ямаса белгили бир бөлегине азат етиў;

– жазадан шәртли азат етиў;

– өмирликке азатлықтан айырыў жазасын ямаса атқарылмай қалған азатлықтан айырыў жазасы бөлимин жеңилирек жазаға алмастырыў;

– судланғанлықты алып таслаў.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги