«HHO Central Asia Foundation»ды шөлкемлестирген АҚШтағы өзбекстанлылар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа рәсмий сапары мүнәсибети менен Нью-Йоркта радиостанция шөлкемлестирмекте. Бул ҳаққында Uzbekistan Today басылымына тийкарланып Kun.uz хабар бермекте.

Фонд президенти Ашраф Закировтың билдириўинше, бул радиостанцияны ашыўдан гөзленген баслы мақсет «жаңа жерде жасап атырған ҳәр бир өзбек Өзбекстан мәденияты ҳәм үрп-әдетлери ҳаққында мағлыўмат алатуғын пайдалы информация дәрегин жаратыў ҳәм олардың өз ана тили және мәдениятынан узақласпаған ҳалда жаңа мәмлекетке ийкемлесиўине жәрдемлесиўден ибарат».

«Тарийхымыз, мәдениятымыз, шегараларымыз ҳәм үрп-әдетлеримиз бир. Биз қай жерде болмайық, бирге болыўымыз ҳәм бир-биримизге жәрдем бериўимиз керек. Тийкарғы мақсетимиз 200 ден аслам миллет жасайтуғын Арқа Америкада орта азиялылар диаспорасын жаратыўдан ибарат. Бул жаңа Өзбекстанның сиясатына да сәйкес келеди», – деп айтып өткен Закиров Uzbekistan Today басылымына берген интервьюсинде.

Central Asia Foundation медиалық жойбарларды әмелге асырыўда үлкен тәжирийбеге ийе екенлигин атап өтиў орынлы. Мәселен, фонд 2007-жылдан берли «Шығыс даўысы» журналын басып шығармақта. Бул басылымда Орта Азия мәмлекетлериниң мәденияты, көркем өнери ҳәм спорты ҳаққында көплеген мағлыўматлар бериледи. Журналдың гезектеги саны болса Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа сапарының жуўмақларына арналған болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги