Хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола усы жыл 15-17-май күнлери дәслепки рәсмий сапар менен АҚШта болады. Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан – АҚШ бирге ислесиўиниң жағдайы ҳәм оны раўажландырыўдың перспективалары додаланады, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысады. 

Өзбекстан – Америка Қурама Штатларының бирге ислесиўи сиясат ҳәм қәўипсизлик, саўда, инвестиция, қаржы, технологиялар ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда сезилерли дәрежеде жеделлеспекте. Онда мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги ушырасыўлары үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Еллеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Өзбекстан Республикасы ҳәм АҚШ арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлардың ҳуқықый тийкарлары 1992-жылы октябрь айында Инвестицияларды киргизиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге қол қойылыў менен орнатылған.

Ҳәзирги ўақытта АҚШ тәрепи инвестияларды хошаметлеў ҳәм өз-ара қорғаў бойынша ҳүкиметлераралық келисимди көрип шықпақта.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлигиниң мәлим етиўинше, 2017-жылдың жуўмақлары бойынша өз-ара товар алмасыўдың көлеми 210,2 миллион долларды қураған. Экспортта тийкарғы үлести хызметлер (71,4 процент), механикалық үскенелер (15,7 процент), кептирилген бурыш (3,3 процент) ҳәм мийўе-овощ өнимлери (3,1 процент) қураған. Америкадан фармацевтика өнимлери, механикалық ҳәм электротехникалық үскенелер, хызметлер, пластмасса өнимлери, оптикалық әсбаплар менен қурылмалар, резина, каучук өнимлери, транспорт қураллары, жасалма талшық импорт етилген.

2018-жылдың биринши шерегинде еллеримиз арасында товар аламасыўдың көлеми 23,2 процентке артқан.

Өзбекстан менен Америка Қурама Штатлары арасында өз-ара пайдалы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўда Америка – Өзбекстан саўда палатасы әҳмийетли орын ийелемекте. Жигирма жылдан көбирек ўақыт бурын шөлкемлестирилген палата экономиканың түрли тармақларында қосымша жойбарларды қоллап-қуўатлаўдың ҳәм әмелге асырыўдың анық механизмине, еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында исенимли көпирге айланды.

Америка – Өзбекстан саўда палатасының 2017-жыл 1-февральда Ташкент қаласында болып өткен мәжилисинде АҚШтың 20 дан аслам жетекши компаниясының ўәкилери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өткен жылы сентябрь айында Америка Қурама Штатларына сапар етиўи шеңберинде Нью-Йорк қаласында АҚШтың жетекши компанияларының басшыларын қабыл еткен еди. Ушырасыўда Америка – Өзбекстан саўда палатасы, «Женерал Электрик», «Ханивелл», «СиЭнЭйч Индастриал», «Дир энд Компани» сыяқлы компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Сөйлесиўлер даўамында өз-ара Америка компаниялары менен 2018-2025-жылларда Өзбекстанның газ транспорты системасын раўажландырыў, еллеримизде гидроэлектр станцияларын қурыў, заманагөй медициналық үскенелерди ҳәм жақтыландырыў қурылмаларын, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, нефть-химия ҳәм энергетика тараўларында жоқары технологиялы қоспа жойбарларды әмелге асырыў, авиация үскенелерин жеткерип бериў сыяқлы мәселелер додаланды.

Ушырасыўда Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм Өзбекстан менен бирге ислесиўде бирликтеги бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таяр екенин атап өтти.

Сапар шеңберинде болып өткен Өзбекстан – АҚШ бизнес-форумы еки елдиң исбилермен топарлары арасында байланысларды буннан былай да беккемлеўде, перспективалы бирликтеги жойбарларды додалаўда ҳәм өз-ара пайдалы келисимлерге ерисиўде үлкен ўақыя болды. Оған АҚШтың 100 ден аслам жетекши компаниясының басшылары қатнасты.

Форум секторларындағы сөйлесиўлерде экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў, Өзбекстанда қолай инвестициялық орталықты қәлиплестириў және санаат, инфраструктура, туризм, илим ҳәм билимлендириў тараўларында қосымша жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери қызғын додаланды.

Америкалы қатнасыўшылар Өзбекстанда валюта базарын либералластырыў бағдарындағы реформалар, банк-қаржы системасын беккемлеў, безнестиң салық жүгин қысқартыў, инвесторлар ушын, соның ишинде, еллеримизде шөлкемлестирилген жаңа еркин экономикалық зоналар шеңберинде қосымша жеңилликлер ҳәм преференциялар  бериў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға жоқары баҳа берди.

Илаж жуўмағында АҚШ компаниялары менен улыўма нырқы 2,6 миллиард долларға тен болған  ири ҳүжжетлер топламы, соның ишинде,«General Electric» ҳәм «Honeywell» корпорациялары менен нефть-газ ҳәм нефть-химия тараўларында, «CNH Industrial», «John Deere» ҳәм «Caterillar» компаниялары менен машина қурылысы, «OSI Systems» ҳәм «Lutron» компаниялары менен электротехника, «Boeing» кампаниясы менен пуқаралық авиация тараўларында перспективалы бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге қол қойылды.

Усы сыяқлы ис-ҳәрекетлер елимиздиң экономикасында америкалы инвесторлардың қатнасын және де кеңейтиўге, перкспективалы бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

Байрам АЙТМУРОДОВ,

ӨзАның шолыўшысы

(Материал Өзбекстан Республикасы

 Сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте таярланды.)