Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўинде «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген шыпакер, марҳум Сапар Султановтың 100 жасқа толыўына бағышланған кеше болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси басшылары, тараў ўәкиллери, фтизиатор қәнигелер, ветеранлар, оның менен бирге ислескен дослары, шәкиртлери, туўған-туўысқанлары қатнасты.

Илажда С.Султанов атындағы республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў диспансериниң бас шыпакери Пиримқул Назиров, мийнет қаҳарманы, нураный ата Қәллибек Камалов, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас фтизиаторы Наргиза Парпиева, Өзбекстан Республикасы Врачлар ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Әбдикәрим Мәмбеткәримов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  С.Султановты еске алып оның өмири ҳәм мийнет жолы туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, өткен әсирде республикамызда бир қатар уллы шайырлар, жазыўшылар, мийнет қаҳарманлары жетилисип шығып, солардың қатарында Қарақалпақстанда медицина тараўының раўажланыўын баслап берген инсанлардың бири бул – Сапар Султанов болып есапланады.

Ол 1918-жылы 5-майда Төрткүл районында әпиўайы жумысшы шаңарағында дүньяға келген. 1935-жылы 7 жыллық мектепти тамамлап, Төрткүл фельдшер-акушерлик техникумында оқыйды. Оны тамамлағаннан соң фельдшер,  станция баслығы, бөлим баслығы лаўазымларында жумыс ислейди. 1940-жылдың ноябринде әскерий хызметке шақырылып, елге  1946-жылы қайтады.

1954-жылы Ташкент мәмлекетлик медицина институтын тамамлағаннан кейин Қарақалпақстан Республикасы туберкулёзге қарсы гүресиў диспансеринде 34  жыл даўамында бас шыпакер лаўазымында ислеп, республикамызда усы кеселликтиң алдын алыў, оны болдырмаў, емлеў бойынша бир қатар басламалардың басында болып аянбай мийнет еткен. Еле медицина раўажланбаған сол қыйын дәўирлерде көплеген наўқаслардың шыпа таўып, саўалып кетиўине ерискен. Бир неше шәкиртлер таярлаған.

Медицинада, әсиресе, фтизиатрия тараўында хирургиялық усылдың  орны оғада үлкен. С.Султанов Ташкенттен басқа барлық ўәлаятларда хирургия енди раўажланыў басқышында турған ўақтында, 1975-жылы Нөкисте туберкулёз хирургиясына тийкар салған. Сол дәўирден баслап, бир қатар шебер, тәжирийбели хирурглар жетилисип шыққан. Нөкис қаласындағы туберкулёз кеселлиги менен наўқасланған адамларды емлеў ушын арналған 600 орынлық үлкен имараттың қурылыўы да усы кисиниң басламасы ҳәм жан күйдириўи арқасында әмелге асырылған.

С.Султановтың мийнетлери есапқа алынып, бир қатар орден ҳәм медальлар, мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған.

Илажда жыйналғанларға С.Султановтың өмири ҳәм мийнет жолы сәўлелендирилген видеофильм қойып берилип,  көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы инам етилди.

Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атажан Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Әдилбай Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.