Усы жылдыӊ 12-май күни Шымбай районындағы Ақымбет бақсы мавзолейи жанында фольклор фестивалы шеӊберинде Республика бақсы, жыраӯ, ақын ҳәм қыссаханлар қатнасыӯында “Қур” мәдений илажы шөлкемлестирилмекте. Усы фестивальда Ақымбет бақсы атындағы  Республикалық “Бақсылар таӊлаӯы” өткерилиӯи режелестирилген. Бул ҳаққында агентликке Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги мәлим етпекте.

Таңлаўға қатнасыӯшылар жасы 25 жастан жоқары  болыӯы тийис. Бақсылар бағдарламасында Ақымбет бақсы шығармашылығынан орын алған  “Арыӯхан”, “Алақайыс”, “Тарлан”, “Идирис” намаларынан биреӯин атқарылыӯы шәрт.

 

ҚХА