Республикамыздың барлық жерлеринде күтериңки руўхта өткерилип атырған 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» Кегейли районында да  салтанатлы жағдайда өткерилди.

Илаж қатнасыўшылары болған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм жасы үлкен ветеранлар, район ҳәкимлиги, «Нураный» ҳәм «Мәҳәлле» қоры, Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық кеңеси ҳәм басқа да бир қатар мәкеме-кәрхана басшылары райондағы «Еслеў ҳәм қәдирлеў бағы»нда болып,  урыс қатнасыўшыларына орнатылған естеликке гүл қойды.

Буннан соң районлық мәденият бөлиминде көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға байрам кейпиятын инам етти.

Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, бүгинги күнде районда еки Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Қудайберген Рамбергенов «Жүзимбағ» АПЖда, Бердимурат Ниетуллаев «Жалпақ жап» АПЖда жасайды.

Оларға байрам мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 млн сум ақшалай сыйлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалары тапсырылды.

Жақында Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық кеңеси тәрепинен дүзилген бийғәрез жәрдем бериўши топар тәрепинен урыс қатнасыўшыларының шаңарақ ағзаларынан хабар алынып, олардың қыйтақ жерлеринде абаданластырыў жумысларын алып барды.

 

Гәўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги студенти