Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы сизлерди «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўына қатнасыўға мирәт етеди.

Таңлаўға 2017-жылдың 1-июнинен 2018-жылың 1-июнине шекем газета ҳәм журналларда, интернет басылымларында жәрияланған материаллар, эфирге берилген телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер қабыл етиледи.

Материаллар таңлаўға редакциялардың усынысы менен Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы бөлимлери арқалы усы жылдың 5-июнине шекем автордың жумыс орны, телефоны, мәнзили ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм паспорт көширмелери қосымша етилген ҳалда усынылыўы лазым.

«Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм баҳалы саўғалар Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланып 27-июньде өткерилетуғын байрам илажында тапсырылады.

Материаллар «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўына деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзилге жиберилиўи лазым:

100129, Ташкент қаласы,

Наўайы көшеси, 30-жай.

Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы

Телефонлар: 244-64-61, 244-37-87.

www.journalist.uz