Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-май күни елимизге келген Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министри шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаёнды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасында ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслар жеделлескенин, барлық тараўлардағы еки тәреплеме қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ушырасыўда еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, Әмирликлердиң инвесторларын елимиздеги перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға кеңнен тартыў, олардың жумысын системалы түрде раўажландырыў мәселелери додаланды.

 Бул бағдарда нефть-газ, химия, аўыл хожалығы, логистика, туризм, қала қурылысы ҳәм басқа да бир қатар тараўларда өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисип алынды.

Өз гезегинде, шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаён мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти шайх Халифа бин Зоид Ол Наҳаённың жоқары ҳүрметин ҳәм жыллы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда мийман усы жылдың март айында Ташкентте болып өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияда Өзбекстан алға қойған басламаларды және Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде билдирилген усынысларды Әмирликлер ҳүкимети толлық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаён Бирлескен Араб Әмирликлери еллеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге, соның ишинде, анық перспективалы инвестициялық жойбарларды турмысқа толық енгизиўге таяр екенлигин атап өтти.

ӨзА