Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм суўдан пайдаланыў тараўында қадағалаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-апрельдеги ПП-5418-санлы «Аўыл ҳәм суў хожалығының мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық:

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда Инспекция деп аталады) шөлкемлестирилгени;

2018-жыл 1-августтан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик дән инспекциясы, Машина ҳәм әсбап-үскенелердиң техникалық жағдайын қадағалаў бас мәмлекетлик инспекциясы, Шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бас мәмлекетлик инспекциясы, «Ўзсувназорат» республикалық суў инспекциясы, «Ўздавуруғназоратмарказ» аўыл хожалығы егинлериниң туқымын сертификациялаў ҳәм сапасын қадағалаў мәмлекетлик орайы сапластырылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2. 2018-жыл 1-августтан «Өзстандарт» агентлигиниң «Өзбекстан пахта өнимлерин сертификатлаў «Сифат» орайы» мәмлекетлик кәрханасы сапластырылсын.

3. Инспекция сапластырылып атырған шөлкемлердиң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқор есапланатуғыны;

сапластырылып атырған шөлкемлердиң нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалары, функциялары ҳәм ўәкилликлери Инспекцияға өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги сапластырылып атырған шөлкемлердеги хызметкерлердиң жумысқа орналасыўын тәмийинлеўге көмеклессин.

4. Төмендегилер Инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

а) аўыл ҳәм суў хожалығы, сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы нызам ҳүжжетлерине ҳәм нормативлик ҳүжжетлер талапларына әмел етилиўи жағдайы;

пахта ҳәм дән егинлериниң туқымларын мәмлекет тәрепинен буйыртпа етиў, таярлаў, айрықша қайта ислеў және сақлаў бойынша талапларға әмел етилиўи;

аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң резервлерин мәмлекетлик буйыртпаның режели әмелге асырылыўына муўапық көлемлерде қәлиплестириў бойынша талаплардың орынланыўы;

дән егинлери, пахта ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлериниң туқымлары, сондай-ақ, олардан қайта исленген өнимлер мәмлекетлик ресурслардың сапасы, олардан ақылға уғрас және мақсетли пайдаланылыўы, олардың сапалы сақланыўы және набыт болыўының азайтылыўы тәмийинлениўи;

аўыл хожалығы егинлери сортларының генетикалық тазалығы ҳәм туқымларының сапасы тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың орынланыўы, аккредитация тараўына муўапық туқымларды сертификатлаў, туқым және нәл материалларының сапасын анықлаў ҳәм қадағалаў бойынша жумыслардың әмелге асырылыўы;

аўыл хожалығы жерлеринен ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў, Инспекцияға жүкленген ўазыйпалар шеңберинде айыпкер шахсларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жуўапкершиликке тартыў арқалы нызамшылық талапларына сөзсиз әмел етилиўи;

жасалма суў объектлеринде суўдан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы және суўдан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етилиўи;

ведомстволық бойсыныўына ҳәм меншик түрине қарамастан барлық кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде шарўашылықта нәсилшилик жумыслары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлерге әмел етилиўи;

аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылыс техникаларының, олардың экплуатацияланыўы, сапасының нәтийжелилиги, сервис ҳәм оңлаў хызметлериниң техникалық жағдайы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;

б) экспорт-импорт ҳәм республика ишиндеги тасыўларда дән егинлери, пахта шийки заты, аўыл хожалығы егинлериниң туқымы ҳәм олардан қайта исленген өнимлердиң сапасын мәжбүрий мәмлекетлик тексериўден өткериў;

в) ҳуқықбузарлықларды анықлаў, олардың келип шығыў себеплерин ҳәм шараятларын сапластырыў илажларын көриў бағдарында комплексли илажларды әмелге асырыў;

г) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды жүргизиў.

5. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Қаржы министрлигиниң:

Инспекция жанында «Агросанаат комплексинде хызмет көрсетиў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасын (кейинги орынларда Орай деп аталады);

Өзбекстан Республикасы Бас прокуртурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясын раўажландырыў қорын (кейинги орынларда Қор деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Орай тәрепинен Инспекцияның қадағалаў функцияларын әмелге асырыў ушын көрсетилетуғын хызметлер салық салынатуғын базаға киргизилмейди.

6. а) төмендегилер орайдың тийкарғы ўазыйпалары есапланатуғыны белгилеп қойылсын:

нормативлик ҳүжжетлер талапларына муўапық үлгилер таңлап алыў ҳәм өнимди идентификациялаў;

көрсетилген аккредитация тараўына муўапық тәризде пахта талшығы, пахта мамығы, пахта ҳәм аўыл хожалығы егинлериниң туқымлары, сондай-ақ, дән ҳәм олардан қайта исленген өнимлерди сынақтан өткериўди шөлкемлестириў және өткериў;

муўапықлық сертификатын бериў, өлшемлердиң бирдейлигин ҳәм метрологиялық қадағалаўды әмелге асырыўды тәмийинлеў жумысларын орынлаў;

пахта талшығының ширелилигин анықлаў, пахта талшығы ҳәм мамығы тайларының массасын қадағалаўды әмелге асырыў;

пахта тазалаў ҳәм май санааты кәрханалары, пайта өнимлериниң сатып алыныўы және басқа да шөлкемлер ушын сертификатланатуғын пахта өнимлериниң сыртқы көринисиниң стандарт үлгилерин таярлаў, реставрациялаў ҳәм олар менен тәмийинлеў;

районластырылған ҳәм перспективалы аўыл хожалығы егинлери сортларының таза сортлылығын топырақтағы талқылаў арқалы тексериў және нәтийжелерин мәпдар шөлкемлерге жибериў;

б) Қордың қаржылары төмендеги дәреклерден қәлиплестириледи:

Орай дәраматларының 20 проценти;

аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм суўдан пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларын бузғаны ушын Инспекция ўәкилликлери шеңберинде қолланылған жәрийма санкциялары улыўма суммасының 40 проценти;

Инспекция хызметкерлери тәрепинен салынатуғын жәриймалар муғдарының 50 проценти;

тракторлар, трактор тиркемелери, мелиорация ҳәм жол-қурылысы техникалары, өзи жүретуғын машиналар, сондай-ақ, аўыл хожалығы техникаларын техникалық тексериўлерден өткериў, гүўалықлар, сан белгилери ҳәм техникалық паспортлар бериў ушын өндирилетуғын жыйымлар муғдарының 80 проценти;

жәрийманың ўақтынша бос қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәраматлар.

7. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы орайлық аппаратының структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлық басқармаларының районлық (Қувасай қалалық) бөлимлериниң үлги структуралары 2- ҳәм 3-қосымшаларға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы ҳаққындағы Реже 4-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының раўажландырыў қоры ҳаққындағы Реже 5-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының орайлық аппараты, Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлық басқармалары, районлық (Қувасай қалалық) бөлимлери хызметкерлериниң Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетине ҳақы төлеў разрядлары 6-8-қосымшаларға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы» 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

8. Инспекцияның басқарма ҳәм өндирис хызметкерлериниң шекленген саны 1 795 адам етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасына:

зәрүр жағдайларда, Инспекция ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң шөлкемлестириў-штат структураларына белгиленген улыўма штат бирликлери шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Инспекция ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин Қордың қаржылары есабынан киргизиў ҳуқықы берилсин.

9. Инспекция:

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын және лаўазымнан азат етилетуғын баслық тәрепинен басқарылатуғыны;

өз жумысында Өзбекстан Республикасы Бас прокурорына есап беретуғыны белгилеп қойылсын.

Инспекция баслығының статусы, мийнетине ҳақы төлеў, медицина ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шәртлери бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасарына теңлестирилсин.

10 Инспекция тәмийнаты Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, сондай-ақ, сапластырылып атырған ведомстволар, мәкемелердиң 9896 штат бирлиги оптималластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң босап атырған қаржыларының және Қор қаржыларының есабынан әмелге асырылады. Онда мийнет ҳақы фонды ҳәм мәжбүрий ажыратпаларды оптималластырыў есабынан қәлиплесетуғын мийнет ҳақы фондының үнемленген суммасы Инспекцияның материаллық-техникалық базасын беккемлеўге және басқа да қәражетлерине қаратылатуғыны;

Инспекция хызметкерлериниң лаўазымына жоқары ямаса орта арнаўлы мағлыўматқа ийе болған шахслар (ҳуқықтаныўшылар, агрономлар, экономистлер, инженерлер ҳәм басқалар) тайынланатуғыны;

Инспекцияның ҳуқық қорғаў уйымларынан ҳәм басқа да уйымлардан жумысқа қабыл етилген хызметкерлерине дәрежели атақлар бериў Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры тәрепинен шешилетуғыны;

дәрежели атақларға ийе болған Инспекция хызметкерлери прокуратура уйымлары хызметкерлери есапланатуғыны және оларға прокуратура уйымлары хызметкерлери ушын белгиленген жеңилликлер, материаллық ҳәм социаллық қорғаў илажлары енгизилетуғыны;

Инспекция уйымларына жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр болған мәлимлеме, ҳүжжетлер ҳәм басқа да материаллар олардың нызамлы талабына бола пулсыз берилетуғыны;

мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў структуралары усы қарарға муўапық Инспекцияға жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды орынлаўда ҳәр тәреплеме көмеклесиўи шәрт екени  белгилеп қойылсын.

11. Инспекция:

2018-2019-жыллар даўамында Қордың қаржылары есабынан жоқары маманлықтағы қәнигелерди ҳәм оқытыўшыларды тартқан ҳалда тийисли түрде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Жоқары оқыў курсларында, Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Ташкент химия-технология институты және Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының педагогикалық кадарларды қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў тармақлық орайларында жаңадан толықтырылған, соның ишинде, басшы кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша қысқа мүддетли курслар шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин, сондай-ақ, кейин ала қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў әмелиятын ҳәр үш жылда енгизсин;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Жоқары оқыў курслары, Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Ташкент химия-технология институты және Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты менен биргеликте бир ай мүддетте оқытыўдың интер белсенди ҳәм инновациялық усылларын қолланыўды, сынақ лабораторияларында, қайта ислеў кәрханаларында (заводларда) ҳәм басқа да объектлерде оқыў шынығыўларын өткериўди нәзерде тутқан ҳалда кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арртырыў бойынша оқыў бағдарламаларын тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Ташкент химия-технология институты және Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында кадарларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў ушын аудиториялар ажыратылыўын және үскенелениўин тәмийинлесин.

12. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы структуралар тәрепинен Инспекция хызметкерлерине олардың ўәкиллигине кирмейтуғын ўазыйпалардың жүклениўи қадаған етиледи.

13. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Қаржы министрилиги:

бир ҳәпте мүддетте Инспекцияның штатлар кестесин ҳәм қәрежетлер сметаларын тастыйықласын;

бир ай мүддетте өзлерине жүкленген ўазыйпаларды зәрүр дәрежеде орынлағаны ушын Инспекция хызметкерлерин материаллық хошаметлеў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

14. Инспекция талапнамалары бойынша:

«Өзавтосанаат» АЖ Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Қаржы министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын өлшемлерге муўапық хызметте пайдаланыў ушын автотранспорт қуралы ажыратылыўын тәмийинлейтуғыны;

«Өзбекнефтьгаз» АЖ «Өзмәмнефтьгазинспекция»МИ менен келисилген ҳалда хызмет ҳәм арнаўлы автотранспорт қураллары және генераторлары ушын керекли көлемде автобензин ҳәм дизель жанылғысы орнатылған тәртипте ажыратылыўын тәмийинлейтуғыны белгилеп қойылсын.

15. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте сапластырылып атырған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик дән инспекциясы, Машина ҳәм әсбап-үскенелердиң техникалық жағдайын қадағалаў бас мәмлекетлик инспекциясы, Шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бас мәмлекетлик инспекциясы, «Ўзсувназорат» республикалық суў инспекциясы, «Ўздавуруғназоратмарказ» аўыл хожалығы егинлериниң туқымын сертификациялаў ҳәм сапасын қадағалаў мәмлекетлик орайы, «Өзстандарт» агентлигиниң «Өзбекстан пахта өнимлерин сертификатлаў «Сифат» орайы» мәмлекетлик кәрханасының балансында турған ҳәм олар тәрепинен пайдаланылып атырған имаратлар, объектлер ҳәм басқа да материаллық-техникалық баҳалы затлар, сондай-ақ, олардың тийисли мағлыўмат базалары және реестлери Инспекция балансына өткерилиўин тәмийинлесин.

16. Инспекция Ташкент қаласы, Шайхонтаҳур районы, Обиназир көшеси, 109-жайда орналастырылсын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Инспекция, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте Инспекцияның аймақлық структураларының толық жумыс ислеўин тәмийинлеў мақсетинде олардың орналастырылыўын, үскенелениўин шөлкемлестирсин және басқа да шөлкемлестириў мәселелерин шешсин.

17. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы:

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Инспекция және оның аймақлық бөлимлериниң мебель, компьютер техникасы, байланыс қураллары ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурсларға болған зәрүрлигин үйренсин және үскенелениўин тәмийинлесин;

Инспекция ҳәм оның аймақлық бөлимлерин жүкленген ўазыйпалардың жоқары ҳәм профессионал дәрежеде орынланыўын тәмийинлей алатуғын маман кадрлар менен, соның ишинде, сапластырылып атырған кәрханалардың хызметкерлери арасынан толықтырылыўын тәмийинлесин.

18. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған қаржылар тийкарланған есап-санақлар бойынша ажыратылыўын тәмийинлесин.

19. Инспекция Мәмлекетлик статистика комитети, Қаржы министрлиги, Орайлық банк, Сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, сондай-ақ, басқа да министрликлер ҳәм ведомстволардың статистикалық мағлыўматы жиберилиўи шәрт болған реестрге киргизилсин.

20. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы 2018-жылдың жуўмақлары бойынша усы қарарды әмелге асырыўдың нәтийжелилигин үйренсин және зәрүрлик болғанда, Инспекцияның жумысын ҳәм шөлкемлестириўшилик-штат структурасын буннан былай да жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратына усыныслар киргизсин.

21. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 10-қосымшаға муўапық өзгерислер менен қосымшалар киргизилсин.

22. 2018-жыл 1-августтан Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарлары 11-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.

23. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Әдиллик министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

24. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 7-май