Нөкис халықаралық аэропортында өткен жылдың апрель айында басланған ири оңлаў жумыслары жуўмақланыў алдында. Аэропорт усы жыл май айының ақырларында пайдаланыўға тапсырылады.

 

 

– Президентимиз 2017-жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында «Нөкис халықаралық аэропорты» мәмлекетлик унитар кәрханасы, аэропортқа тийисли имаратлар, оған кириў шығыў жолларының оңлаў жумыслары бойынша бир қатар тапсырмалар берген еди,-дейди усы кәрхана қәнигеси Асқар Төлепов. – Бул бойынша ҳүкиметтиң арнаўлы қарары қабыл етилди. Оңлаў жумысларына жәми 70 миллиард 456 миллион сум ажыратылған.

 

 

Ҳәзирги ўақытта 2-санлы қадағалап өткериў пункти қурып питкерилди. Қәўипсизликти тәмийинлеўге арналған қорғанды әшекөйли металлар менен қоршаў жумыслары жуўмақланды. Транформаторлы подстанция, канализация ушын насос станциясы орнатылды. Улыўма алғанда көплеген ири оңлаў жумыслары әмелге асырылып аэропорт пүткиллей жаңа көриниске енди. Усы айдың ақырына шекем аэропорт алдындағы қурылыс, абаданластырыў жумысларын тамамлап, тапсырыў режелестирилмекте.

Бул қурылысларда жәми 250 ге шамалас қурылысшылар жумыс ислемекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Сүўретлерде аэропорттың жаңа көринислери.