Бурын хабар етилгениндей, 8-май күни пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде белбеўли гүрес бойынша 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен  2003-2004-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 100 ден аслам спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында  жас өспиримлер арасында 32 кг салмақта Өмирбай Хожахметов, 35 кг салмақта Алпамыс Узақбергенов, 38 кг салмақта Мақсет Нурабуллаев, 42 кг салмақта Бахрам Сәрсенбаев, 46 кг салмақта Атабек Жумабев, 50 кг салмақта Файзулла Муфтуллаев, 60 кг салмақта Мийрибек Турдыбаев, 65 кг салмақта Азизбек Алламбергенов, 71 кг салмақта Дилшад Алламуратов, +71 кг салмақта Илҳам Айназаров, қызлар арасында  40 кг салмақта Мөлдир Алимбетова, 44 кг салмақта Шахсанем Аманиязова, 48 кг салмақта Саёра Муратбаева, 52 кг салмақта Албина Алламуратова,  57 кг салмақта Малика Есбергенова, 63 кг салмақта Гүлбану Қуўанышбаева, +63 кг салмақта Айгүл Абдимуратовалар бириншиликти ийеледи.  

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги