Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 7-8-май күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» ҳәм 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен республикамызға белгили палўан, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Полат Серимбетовтың естелигине бағышланып спорттың гүрес түри бойынша ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар арасында республикалық турнир өткерилди.

Жарысқа жүзден аслам спортшылар қатнасып, өз-ара күш сынасты.

Жарыс жуўмағында ер адамлар арасында 66 кг салмақта Меңлибек Йўлдашов, 73 кг салмақта Мухаммадали Султанов, 81 кг салмақта Захритдин Зайтов, +81 кг салмақта Мийрибек Абдикаликов, ҳаял-қызлар арасында 57 кг салмақта Меҳрийбан Үбенова, 63 кг салмақта Айгүл Бердимуратова, 70 кг салмақта Клара Дәрменбаевалар бириншиликти ийеледи.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги