Қарақалпақстанлы Алланияз Өтениязовтың қаҳарманлық ислери алдында Кубаның Президенти Фидель Кастро Рус, жәҳән чемпионлары ағалы-инили Кличколар бас ийип, «ЮНЕСКО» шөлкеми тәрепинен ол «дүньядағы ең күшли инсан» деп тән алынған.

Биз «қаҳарман» деген сөз урыс қатнасыўшыларына қарата  айтылыўына, «күшли» деп физикалық шыныққан адамды атаўға үйренип кеткенбиз. Бирақ, тыныш заманда да қаҳарманлар, руўхый жақтан күшли инсанлар көплеп ушырасады.

Арамызда болғанда быйыл 82 жасты толтыратуғын Алланияз Өтениязовты дүньяның белгили шахслары қаҳарман сыпатында тән алады. Аргентиналы миллионер Х.Сапун төрт мың адамды жумсап отырған, байлығы сан-санақсыз миллионер болса да Алланияз қаҳарманның байлығы қасында оныки ширип кететуғын өткинши байлық екенин тән алады. «Сениң инсаныйлық руўхый байлығың ҳеш қашан өлмейди, ширимейди, мәңги қалады» дейди ол. Миллионер бул хызметлер дүньяда үлкен жаңалық болғанын, әҳмийетлиси, өзин қайыр-сақаўатлы болыўға ийтермелегенин тән алады. Ал, бокс бойынша жер жүзи чемпионы В.Кличко 30-35 минутлық рингке түсер ўақтында А.Өтениязовтың 30-35 жыллық қайыр-сақаўатлы мийнети ҳаққында ойлап, күш-қуўат топлағандай болатуғынын айтады.

Куба мәмлекетиниң Президенти Фидель Кастро дүнья жүзиндеги барлық адамлардан А.Өтениязов өзиниң адамгершилик мийнети менен жоқары туратуғынын атап өткен.

Еслетип өтемиз, «Меҳнат шуҳрати» ордени ийеси, Өзбекстан қаҳарманы Алланияз Өтениязов мектепте инглис тили оқытыўшысы болып ислеў менен бирге жәрдемге мүтәж инсанларға, кем тәмийинленген шаңарақларға өзиниң қаржысы есабынан 40 турақ жай қурып берди. Сондай-ақ, оның мийнетиниң арқасында 2 мектеп, 2 балалар бақшасы, 2 емлеўхана ҳәм 1 китапхана имараты бой тикледи.

«Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»нде Алланияз атаны және бир мәрте еслеп, оның руўхы шад болыўын тилеймиз.       

                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                     

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.