Журналистлер аўқамы «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўын жәриялады. Бул ҳаққында ӨзАға тийкарланып, Daryo.uz хабар бермекте.

«Ҳүрметли кәсиплеслер! Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы сизлерди «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўына қатнасыўға шақырып қалады», – деп жазылған хабарда.

Таңлаўға 2017-жылдың 1-июнынан 2018-жылдың 1-июнына шекемги газета ҳәм журналларда, интернет басылымларында жәрияланған материаллар, эфирге берилген телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлер қабыл етиледи.

Материаллар таңлаўға редакциялардың усынысы менен Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан Республикалық ҳәм ўәлаятлық бөлимлери арқалы усы жылдың 5-июнына шекем автордың жумыс орны, телефоны, мәнзили ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм паспорт нусқасы қосып тигилген формада усынылыўы керек.

«Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўының жеңимпазларына диплом және қымбат баҳалы саўғалар Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине арнап 27-июньда өткерилетуғын байрам илажында тапсырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги