Республикамызда 5-май сәнеси ҳәр жылы  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик гимниниң авторы,  белгили шайыр Ибрайым Юсуповтың туўылған күни сыпатында көтериңки руўхта белгиленеди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары бир қатар жазыўшы, шайырлар Ибрайым Юсуповтың қойымшылығына ҳәм естелигине гүл шеңберин қойды.

Соң пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеп-интернатында әдебий кеше өткерилди.

Илаж қатнасыўшылары, Ибрайым Юсупов XX әсир қарақалпақ әдебиятының идеялық-тематикалық, жанрлық ҳәм көркемлик жақтан ҳәр тәреплеме байып, раўажланыўына салмақлы үлес қосқан шайыр екенлигин,  Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исрайылованың сөзи менен айтқанда «Қарақалпақ ҳаўазы» болып халқымыз жүрегинен орын алғанлығын атап өтти.

Шайыр өзи жасаған заманда қандай жаңалықлар болса, оларды лирикалық, лиро-эпикалық, драмалық ҳәм прозалық шығармаларында сәўлелендирди. Шайырдың қарақалпақ, өзбек, қырғыз, түркмен, рус тиллеринде қырққа шамалас қосықлар ҳәм поэмалар топламлары басылып шықты.

Шайырды еслеп өткерилген илажлар Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген  «Ибрайым Юсупов сөз маржанлары намалар ырғағында» атамасындағы  көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги