Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-май күни Қазақстан Республикасының Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўде мәмлекет басшылары жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде көп қырлы Өзбекстан – Қазақстан бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўдың ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

Сиясий ерк-ықрар ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў себепли Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы  арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған қатнасықларда бар болған үлкен потенциал толық жүзеге шығып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бирге ислесиўдиң ерисилген жоқары дәрежеси туўысқан еллер ҳәм халықлар шериклигиниң ашық-айдын үлгиси екени айрықша атап өтилди.

Қысқа мүддетте бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары бойынша үлкен нәтийжелерге ерисилди. Еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында биринши мәрте 2018-жыл Қазақстанда Өзбекстан жылы деп жәрияланды, 15-март күни Астанада оның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Саўда-экономикалық, инвестиция, энергетика ҳәм транспорт-коммуникация тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Өз-ара саўда көлеми избе-из өсип, экономиканың түрли тараўларында кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Аймақлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы байланыслар жеделлести. Авиақатнаўлардың саны, автомобиль ҳәм темир жол тасыўлары көбейди, автобуслардың қатнаўы тикленди. Мәдений-гуманитарлық ҳәм туристлер алмасыўы кеңеймекте.

Сол мәниде, қоспа жойбар менен бағдарламаларды алға илгерилетиўдиң нәтийжели механизми болған Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның жумысы әмелий нәтийжелер берип атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиўде Орайлық Азия еллери арасында жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Быйыл март айында Астанада болып өткен регион мәмлекетлери басшыларының биринши саммити пайдалы нәтийжелер бергени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекет басшылары халықаралық сиясаттың ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң бир қатар әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев туўысқан еллеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолында көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў және көп әсирлик дослық ҳәм шериклик байланысларын беккемлеў бойынша исенимли екенлигин атап өтти.

ӨзА