Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилигине бағышланған «Сөз патшасы, шайырлардың ағласы» темасында әдебий кеше болып өтти.

Илажда Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы директорының орынбасары Н.Тилеўбергенова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бөлим баслығы, филология илимлериниң кандидаты К.Палымбетов, усы институттың үлкен илимий хызметкери Қ.Мәмбетов, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицейдиң оқытыўшысы Г.Әметова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайыр дөретиўшилиги ҳәм оның әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни республикамыз бойлап туўылғанының 89 жыллығы кең түрде белгиленип атырған шайырдың ҳәр бир шығармасын халқымыз сүйип оқыйды. Сонлықтан да оның дөретиўшилиги тек ғана елимиз көлеминде емес, ал  бир қатар қоңсылас еллерде де кеңнен белгили. Сүйикли шайырымыз, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, марҳум Абдулла Ариповтың атап өткениндей,

Кимдур, қайта несип етсе бул дүнья,

Былай жасарем, деп өкиниш етти.

Кимгедур бул әрман керекти лекин,

Ибрайым дүньяға бир келип кетти.

Кешеде студент-жаслар тәрепинен шайырдың қосықларынан оқылып, шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринислер көрсетилди. Нама қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасы жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.