Ҳәр жылы  елимизде 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» көтериңки руўхта белгиленеди.

Усы байрам  мүнәсибети менен жақында пайтахтымыздағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң бир топар оқыўшылары ҳәм оқытыўшылары Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Нурылла Абдуллаевтың шаңарағынан хабар алып,  атаны  фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 73 жыллығы менен қутлықлады.

– Оқыўшылар ҳәр жылы бул сәнени асығыслық пенен күтеди, – дейди оқыўшылардың устазы Сайёра Атабаева. Урыста мәртлик көрсеткен Нурылла атаға гүл берип, қуўанышқа бөлеп, оның пәтиясын алды.

Сондай-ақ, оқыўшылар Нурылла атадан урыс ўақтындағы қыйын жағдайлар, балалықтан есте қалған қызықлы ўақыялар ҳаққындағы  өзлериниң сөзлерин тыңлап, сораўларына жуўап алды.

Оқыўшылар тыныш ҳәм бахытлы турмысымызға шүкиршилик етиў кереклиги ҳаққындағы түсиниклерге ийе болды.

Пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» МПЖ аймағында жасайтуғын Нурылла ата Абдуллаев ҳәзирде 93 жаста. 90 жастағы өмирлик жолдасы менен төрт перзентиниң камалын  көрип, ғаррылықтың рәҳәтин көрмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги