Мәмлекетлик тест орайы (МТО), тийисли министрлик ҳәм ведомостволар тәрепинен 2018-жылы жоқары оқыў орынларында өткерилетуғын тест сынақлары бойынша жақсы таярлық жумыслары алып барылмақта, деп хабар бермекте Kun.uz Мәмлекетлик тест орайы баспасөз хызметине тийкарланып.

 

 

Хабарда жазылыўына қарағанда, таярлық шеңберинде усы жылдың 25-апрель күни Республикалық қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатында өткерилетуғын жоқары оқыў орынларына қабыллаў ушын тест сынақлары тәртибине арналған репитиция процесинде абитуриентлерди имаратқа киргизиўде қолланылатуғын металлодетекторлар, шахсты идентификациялаў қураллары, видеофиксациялық үскенелер, тест сынақлары даўамында үзликсиз видеобақлаў үскенелериниң жумыс барысы үйренилди. Бул техникалық қураллардың әмелдеги жағдайы ҳәм мүмкиншиликлери талапларға сәйкеслиги анықланды.

 

 

Соның менен бирге, илаж даўамында үлкен сыйымлылыққа ийе болған имаратты белгиленген талап тийкарында таярлаў, имаратқа абитуриентлерди паспорт ҳәм жаңа формадағы руқсатнама арқалы киргизиў, қадағалаў хызмети постларының жумыслары, топар қадағалаўшылары жумыслары және жаңа формадағы тест сораўлары ҳәм жуўаплар бети әмелде сынап көрилген.

 

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.