Шымбай районындағы 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

 

Онда Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы Қ.Юсупов, район ҳәкиминиң орынбарасы У.Қалилаев ҳәм Арқа-батыс әскерий округи әскерий хызметкери О.Исақовлар сөзге шығып, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

 

 

Илаж даўамында духовой оркестр атқарыўында әскерий намалар жаңлады. Сондай-ақ, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи оқытыўшылары, «Гүлзар» фольклор ансамблиниң қосықшылары, көркем өнер ғайраткерлери концерт бағдарламасын усынды. «Миллий гвардия» хызметкерлериниң әскерий шығыўлары жыйналғанларға байрам кейпиятын уласты.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги