Шымбай районында Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары халық билимлендириў ағласы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген устаз Рейимбай Сапаровтың туўылғанына 100 жыл толыўы мүнәсибети менен оның атына қойылған райондағы 43-санлы улыўма билим бериў мектебинде музей шөлкемлестирилди, деп жазады район ҳәкимлигиниң рәсмий вебсайты.

 

 

Музейде белгили устаздың райондағы бирнеше мектеплерде алып барған педагогикалық жумыслары, өмири менен байланыслы буйымлар, материаллар, фотосүўретлер, сондайақ, устаздың мийнет жолы менен байланыслы жазылған публицистикалық мақалалар орын алған.

 

 

Мектепте музейдиң ашылыўына байланыслы салтанатлы илаж өткерилип, онда Р.Сапаровтың шаңарақ ағзалары, шәкиртлери ҳәм районның халық билимлендириў және жәмийетлик белсендилери қатнасты.

 

 

Илаж соңында районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм мектеп оқыўшыларының концерт бағдарламасы усынылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги