7-май – радионың ойлап табылған күни сыпатында дүньяның көплеген мәмлекетлеринде кең түрде белгиленеди. 1895-жылы 7-май күни россиялы илимпаз Александр Попов биринши мәрте радиотолқынларды бир орыннан екинши орынға жибериў ҳәм қабыллап алыў қурылмасын көпшиликке таныстырған еди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы сәне мүнәсибети менен елимизде жүз берип атырған әҳмийетли жаңалықлар, профессор-оқытыўшылардың тәжирийбеси, студент-жаслардың турмысын сәўлелендирип барыў мақсетинде радиоузель шөлкемлестирилди.

– Университетимизде радиоузель көп жыллардан берли жумыс алып барып келмекте. Бирақ, техникалық себеплерге бола соңғы ўақытлары турақлы түрде еситтириўлер берилмей атырған еди. Студентлердиң пикир ҳәм усынысларын есапқа алып, радиоузельдиң жумысларын турақлы жолға қойып атырмыз. Усынысларымызды қоллап-қуўатлап, жақыннан жәрдем берип атырған университет ректоратынан миннетдармыз, – дейди университеттиң жаслар жетекшиси Нурназар Пирназаров.

Мағлыўмат ушын, университет радиоузелиниң еситтириўлери студентлер тәрепинен таярланып барылады ҳәм азанғы 8:00 ден 8:30 ға шекем университет аймағында тарқатылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.