5-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Ҳәдис билимданы» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Онда жарыстың қалалық, районлық басқышларында жеңимпаз болған 86 пуқара қатнасты

Жарыс шәртлерине муўапық олардың Имам Бухарий ҳәм Имам Термизийдиң өмири және илимий мийнетлери туўралы билимлери сынақтан өтилди. Сондай-ақ, ҳәдислерди мәнили оқып түсиндириўи, аўдарма ислеўи, пайдалы тәреплерин таўып айта алыўы, ҳәдислерди ядтан айтыўы сыяқлы шәртлер де орынланды.

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси тәрепинен шөлкемлестирилген бул жарыс оғада қызықлы болмақта,-дейди Муҳаммед Беруний атындағы Ислам билим журтының оқытыўшысы Ахмет Юсупов. – Ондағы арнаўлы викторинада тек қатнасыўшылар емес, ал тамашалап атырған студентлер менен муғәллимлер де ҳәдис бойынша пикир алысыў мүмкиншилигине ийе болды. Усы викторина жеңимпазлары да сыйлықланды.

Жарыс шәртлери 100 баллық система бойынша баҳаланып барылды.

Жеңимпазлар анықланып, Мамасалиев Жалоллиддин биринши, Низаматдинов Толқын екинши, Сагидуллаев Зарафатдин ҳәм Ережепов Хайтмуратлар үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.