Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген I, II, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилерин тапсырыў салтанаты болып өтти.

 

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Буннан кейин «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Ш.Уснатдинов Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры Қәўендерлик Кеңесиниң «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарын оқып еситтирди.

 

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында ғәрезсиз елимизде кексе жастағы пуқараларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, олардың елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында толық ҳуқықлы қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, кексе әўладтың жәмийетте, шаңарақларда ҳәм мәҳәллелерде тынышлық-татыўлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, жас әўладты халқымыздың көп әсирлик дәстүрлерин ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаў жумысындағы ролин арттырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Экономика ҳәм өндирис, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, юриспруденция ҳәм басқа да тараўлардағы көп жыллық ҳадал мийнетлери ушын мийнеткешлерге, сондай-ақ, жумыс ислемейтуғын, жәмийетте беккем шаңарақты сақлап қалған, перзентлерин үлкенлерге ҳәм киши әўладларға ҳүрмет, жәмийет алдындағы жуўапкершилик, Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялап ҳүрметке бөленген аналарғаI, II, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилериниң шөлкемлестирилиўи буның айқын дәлийли болып табылады. Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры Қәўендерлик кеңесиниң қарары менен республикамыздан 7 нураний I дәрежели, 8 нураний IIдәрежели,29 нураний  III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Соны да атап өтиў керек, усы көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар жасайтуғын үйлер ҳәм турақ-жайлардың есиклерине «Бул жерде I, II, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» белгиси менен сыйлықланған пуқара (Ф.И.Ә) жасайды» жазыўы бар белги орнатылады.

Илажда «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси ҳәм оның гүўалығы салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Буннан соң сыйлықланғанлар атынан  Жәлел Муятдинов, Атамурат Дәўлетмуратов, Үббинияз Әширбеков, Ибрайым Досжанов, Бахтияр Абдикамалов, Жарылқап Турсынбеков шығып сөйлеп, айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы ушын ҳүрметли Президентимизге, республикамыздың басшыларына миннетдаршылық билдирди.

-Ҳақыйқатында биз кексе әўлад ўәкиллерине ғәрессиз елимизде барлық шараятлар жаратылып берилмекте,-дейди Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Шымбай районлық кеңеси баслығының биринши орынбасары, районлық «Мәҳәлле» фондының баслығы, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси ийеси Бахытлыбай Абдуллаев. – Сонлықтанда Президентимиздиң кекселерге, мийнет ветеранларына көрсетип атырған ғамқорлығынан жүдә миннетдармыз ҳәм бул итибар бизлерге айрықша жуўапкершилик жүклейди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы   Жоқары Кеңеси Баслығының  орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

 

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.