USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖОҚАРЫ ИСЕНИМГЕ МҮНӘСИПЛИК ЖУЎАПКЕРШИЛИГИ

Пайтахтымыздағы «Түркстан» сарайында 3-май-Жәҳән баспасөз еркинлиги күнине бағышлап шөлкемлестирилген журналистика тараўындағы «Алтын қәлем» XIII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў жеңимпазларын ҳәм сыйлы орын ийелерин  сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен бул сарайға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, барлық түрдеги медиа структуралардың ўәкиллери, жоқары билимлендириў орынларының профессор-оқытыўшылары, жас дөретиўшилер, елимиздеги дипломатиялық корпустың ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери мирәт етилди.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы С.Ҳакимов ҳәм басқалар Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен елимиз турмысында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жәмийетимизге жаңа нәпес, терең көзқарас, пүткиллей өзгеше кейпият, адамлардың сана-сезиминде кескин унамлы бурылыслар жасағанын атап өтти. Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 22-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатинде жәмийетимиз турымысында демократиялық принциплерди беккемлеўде ғалаба хабар қураллары әҳмийетли ҳәм тәсиршең фактор екенине тийкарғы итибарды қаратты.

Бул бағдарда ҳақыйқый профессионал заманагөй журналистиканы қәлиплестириў, соның ишинде, мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларын, мәлимлеме ҳәм талқылаў интернет сайтларды қаржылай қоллап-қуўатлаў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Ҳәзирги ўақытта елимизде жумыс ислеп атырған мүлк түри, бағдары, мәлимлеме тарқатыў түри ҳәр қыйлы болған ғалаба хабар қураллары ушын жоқары билим ҳәм маманлыққа ийе болған кадрлар зәрүрлигин, жәмийетте болып атырған реформалардың әҳмийетин  ҳәм мәнисин кең жәмийетшиликке және халқымызға тез, исенимли жеткерип беретуғын медиа-қәнигелерге болған талап барған сайын артып баратырғанын дәўирдиң өзи көрсетпекте.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў орайы тәрепинен Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Бийғәрез баспа ғалаба хабар қураллары менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры, миллий телерадиокомпания, Мәденият министрлиги, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм «Uzreport» мәлимлеме агентлиги сыяқлы бир қатар шөлкемлер менен биргеликте өткерилип киятырған «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў халықаралық журналистиканың ең жоқары табысларын кеңнен ғалаба ен жайдырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, бул таңлаў медиа тараўы ўәкиллериниң пуқаралық позициясын көрсетиўинде және журналистлерде сын көзқарастан  талқыланған пикирлерди ҳәм өз жумысларына жаңа көзқарасты жетилистириўде әҳмийетли фактор болмақта.

Бүгин республикамызда жумыс ислеп атырған ғалаба хабар қуралларының улыўма саны 1500 ден асты. Бар күнделикли басылым 53 процентин, телерадиоканаллардың 85 процентин мәмлекетлик емес ғалаба хабар қураллары қурамақта. 330 дан аслам веб-сайт ҒХҚ сыпатында дизимнен өткерилип, олардың 98 проценти мәмлекетлик емес сектордың үлесине туўра келеди.

Таңлаў быйыл он үшинши мәрте өткерилди. Миллий медиа әлеминде ең абыройлы болған «Алтын қәлем» таңлаўында өткен жыллар даўамында 6000 нан аслам журналисттиң 90 000 ға шамалас дөретиўшилик жумысы көрип шығылғанын мағлыўмат ушын айтып өтиў зәрүр. 260 кәсиплесимиз таңлаўдың жеңимпазына айланды. Бул таңлаўларды өткериў ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў ушын жәми 1 миллиард 570 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлықлар ажыратылды. Сондай-ақ,  80 нен аслам дөретиўшилер елимизде жумыс алып барып атырған абыройлы халықаралық шөлкемлер- БМШ, ЮНЕСКО, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Дүнья банки, ЮНЭЙДС, ЮСАИД, Словенияның «Регионаллық сөйлесиў» халықаралық шөлкеминиң ҳәм шет ел дипломатиялық корпусларының Өзбекстандағы ўәкилханалары тәрепинен шөлкемлестирилген сыйлықлар менен сыйлықланды.

Быйылғы «Алтын қәлем» XIII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда 523 журналист 7100 ден аслам дөретиўшилик жумысы менен қатнасты. Төрешилердиң жуўмағына бола Бас миллий сыйлық берилмеди. Таңлаў қатнасыўшылары арасынан телевидение, радио, баспа ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет-журналистика бағдарлары бойынша жеңимпазлар, сондай-ақ, «ҒХҚ да китапқумарлық мәденияты сәўлеленген ең жақсы материал ушын», «Шет елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын», «Ең жақсы баспасөз хызмети» ҳәм «Ең жақсы фоторепортаж ушын» хошаметлеўши сыйлықлардың ийелери анықланды. Көрсетилген жумысларды үйрениўде бүгинги тез раўажланып атырған дәўирдиң талаплары, терең талқылаў, сөзге жуўапкершилик, мәнилик шеберлиги, дөретиўшилик жумысқа жаңаша көзқарас  сыяқлы өзгешеликлерине тийкарғы итибар қаратылды.

Таңлаўды өткериўге байланыслы қәрежетлер «Илҳом» жәмийетлик қорының қаржылары есабынан қаржыландырылмақта.

Сыйлықлаў мәресиминде ЮНЕСКО, Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы, Европа Аўқамының Орайлық Азия регионаллық экология орайының филиалы (РЭЦЦА), ЮСАИД тың Туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў  бағдарламасы, DVV International(Германия), Гёте институты, «Регионаллық сөйлесиў» (Словения) сыяқлы халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы ўәкилликли уйымлары, АҚШ, Түркия, Әзербайжан, Грузия ҳәм Қытай Халық Республикаларының елшиханалары, сондай-ақ, миллий бирге ислесиўшилер – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы, Бийғәрез баспа ғалаба хабар қураллары менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры да өз сыйлықларын тапсырды.

Илажда шығып сөйлгенлер елимизде миллий журналистиканы раўажландырыў жолындағы итибары ушын миннетдаршылық билдирип, бүгинги жедел дәўир дөретиўшилеринен өз кәсибине садықлықты, пидайылықты, үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды талап етип атырғанын атап өтти.

– Жәмийетте болып атырған реформаларды терең талқыланған көзқарас, қалыс және исенимли қатнас тийкарында баҳалаў биз-журналистлердиң тийкарғы миннети,- дейди телевидение бағдары бойынша биринши орын ийеси, Миллий телерадиокомпанияның «O`zbekstan-24» телеканалының бөлим баслығы Назийра Мәмбетшарипова. –Бүгинги күнде барлық тараўлар сыяқлы ғалаба хабар қуралларын буннан былай да раўажландырыў, тараў хызметкерлериниң еркин ҳәм нәтийжели мийнет етиўи ушын зәрүр барлық шараятлар менен имканиятлар жаратылмақта. Бизге билдирилип атырған жоқары исенимге мүнәсип болыў, оны ақлаў парызымыз болып есапланады.

Илаж шеңберинде белгили көркем өнер шеберлери, өзбек миллий эстрадасының жулдызлары ҳәм жас дөретиўшилердиң қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы