Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, социаллық-экономикалық тараўлардағы реформалардың барысы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикрлесиў мақсетинде 2-3-май күнлери Наманган ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапардың екинши күни Тўрақўрғон районындағы Исҳоқхон Тўра Ибрат мемориал комплексинде әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар менен танысты.

Өзбекстан жери дүнья цивилизациясының ҳәм илиминиң раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ойшыллар, әзиз-уламалар журты сыпатында даңқ таратқан. Бабаларымыздың бийбаҳа мийрасын илимий тийкарда терең үйрениў, естеликлерди абат орынға айландырыў турақлы итибарда.

Шавкат Мирзиёев 2016-жыл 2-ноябрь күни Наманган ўәлаяты сайлаўшылары менен ушырасыўда Исҳоқхон Ибрат бағын ҳәм естелик комплексин қурыў, «Ибрат мектеби»н шөлкемлестириў басламасын алға қойған еди.

Атап өтиў керек, XIX әсирде Тўрақўрғон жеринде туўылып өткен Ибрат араб, парсы, рус, ҳинд, урду, инглис, француз тиллерин жақсы билген. Әййемги финикия, еврей, сурия, грек жузыўларын үйренген. Көп қырлы дөретиўши сыпатында «Луғати ситта ал-сина» («Алтын тилли сөзлик»), «Жомеъ ул-хутут («Хатлар топламы»), «Тарихи Фарғона», «Тарихи маданият», «Мезон уз-замон» («Заман тәрезиси»), «Санъати Ибрат, қалами Мирражаб Бандий» сыяқлы оннан аслам тилтаныўға байланыслы илимий-тарийхый және ағартыўшылық шығармалар дөреткен. Ибрат муғәллим 1886-жылда-ақ ески мектеплерге салыстырғанда бираз жетик болған мектеп ашқан. 1907-жылы болса жаңа «усули савтия» мектебин шөлкемлестирип, аўыл балаларын оқытқан.

Ибрат үлкемиздеги дәслепки полиграфшылардың бири сыпатында 1908-жылы Оренбург қаласынан литографиялық машина сатып алып, оны Оренбургтан Қоқандға шекем поездда, Қоқандтан Тўрақорғанға шекем түйелерге жүклеп, үлкен машақатлар менен алып келген ҳәм өз ҳәўлисинде «Исҳоқия босмохонаси»н шөлкемлестирген. Бул баспахана өткен әсирдиң 60-жылларына шекем хызмет етип келген ҳәм ол жерде түрли илимий-ағартыўшылық китап ҳәм брошюралар, миллий газеталар басып шығарылған, оларды тарқатыў ушын Ферғана ойпатлығы бойлап онлаған китап дүканлары шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жыл июль айында Наманган ўәлаятына сапары шеңберинде усы комплексте әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысқан, оны мазмуны жағынан жетилистириў, тил үйретиў бойынша арнаўлы мектепти Наманган Мәмлекетлик университети жанында шөлкемлестириў, бул жерде Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети және Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, Ташкент мәмлекетлик шығыс таныў институты менен бирге шет тиллерин тереңлестирилген тәризде үйретиў зәрүрлигин атап өткен еди. Оқытыўшы ҳәм оқыўшыларға зәрүр шараятлар жаратыў, комплекстиң әтирапын абаданластырыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Өткен ўақыт ишинде еки гектардан аслам майданды ийелеген мемориал комплексте кең көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылды. Жойбарлаў нырқы 13 миллиард сумнан аслам комплекс бағ-қыябан, оның ортасында Исҳоқхон Тўра Ибрат естелиги, миллий усылдағы әйўан, баспахана, музыкалы фонтан, шет тиллерди оқытыўға қәнигелестирилген 400 орынлық мектеп-интернат ҳәм тарийхый-архитектуралық естеликте қурылған музейди өз ишине алады.

Президентимиз Исҳоқхон Ибрат атындағы шет тиллерге қәнигелестирилген мектеп-интернатта болды, оқытыўшы ҳәм оқыўшылар менен пикирлести.

– Ибрат устаздың ел-журтымыздың раўажланыўы жолындағы пидәкерлик хызметлери тек ғана өз дәўиринде емес, ал бүгинги күнде де бәршемиз ушын ҳақыйқый ибрат үлгиси болып қалмақта, – деди Шавкат Мирзиёев. – Жасларымыз соған мүнәсип, ел-журтымызға пайдасы тийетуғын инсанлар болып кәмалға келиўи керек. Бул мектепке тек ғана Наманган ўәлаятының емес, ал елимиздиң барлық аймақларынан ең талантлы жаслар оқыўға қабыл етиледи.

Шет тиллери бойынша илимий жумыслар ислеў, тил үйретиў методологиясын жетилистириў, мектеп интернатта сабақларды сол тийкарда алып барыў, зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз Ибрат мектебин жоқары баҳаларға тамамлаған ул-қызларды жоқары оқыў орынларына имтихансыз қабыл етиў ҳәм грант тийкарында оқытыў бойынша тапсырма берди.

Шавкат Мирзиёев комплекске үйлесикли тәризде Косонсой сайының еки жағасында қурылған қыябанды көзден өткерди. Бул жерде қурылып атырған турақ жайлар, саўда шақапшалары, кеўил ашар орынлар, сейилге шығыў жоллары ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлердиң қурылысын буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар берди.

Исҳоқхон Ибрат музейи менен танысыў даўамында Президентимиз ўәлаяттың зыялылары, нуранийлери менен пикирлести. Олар мәмлекетимиз басшысына уллы бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў мәселесине айрықша итибар қаратып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Елимизде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысын жетилистириўге, балаларды мектепке таярлаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Мәмлекетимиз басшысы аймақларға сапары ўақтында усындай мәкемелердиң жумысы менен таныспақта. Бул тегиннен емес. Қәнигелердиң пикиринше, оқыўшылардың пәнлерди қаншелли пуқта өзлестириўи бақшада алған билимине байланыслы.

Бул бағдарда Наманган ўәлаятында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң көрсетпелери тийкарында Тўрақўрғон районы «Янгиобод» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2 миллиард 250 миллион сум есабынан 10-мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылды. Исҳоқхон Ибрат комплекси жанында жайласқан бул бақшада балалардың тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Быйыл бақшаға 200 баланы қабыл етиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысына бақшада өткерилип атырған сабақлар процеси, жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Шавкат Мирзиёев Наманган қалалық мәмлекетлик хызметлер орайында болды. Орайға «Карбонам» ЖШЖ қарамағындағы пайдаланылмай турған көп қабатлы имарат ажыратылған. 15 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жумыслары әмелге асырылды.

Орайда электрон нәўбет системасы енгизилген болып, күнине 800 ден аслам физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 50 ден аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи. Бул жерде Халық қабыллаўханасы, нотариал уйым, ПҲАЖ, паспорт бөлимлери, қамсызландырыў, кадастр, автомобиль басқарыў гүўалығын алмастырыў хызметлери, банк шақапшасы жайласқан. Тез медициналық жәрдем хызмети, балалар майданшасы, кафе шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы орайдағы шараятлар менен танысты, автомобиль басқарыў гүўалығын бериў процесин тиккелей бақлады. Бул гүўалықларға микрочип орнатылған болып, шахстың паспорт мағлыўматлары киргизиледи. Паспорт болмағанда шахсты тастыйықлайтуғын ҳүжжет орнына өтеди.

– Биз бул хызметти не ушын шөлкемлестирдик! Әдиллик бузылмаўы, коррупция болмаўы, адамлар қыйналмаўы ушын, – деди Президентимиз. – Бул мәкеме мәмлекетлик хызметлер орайларының жумысын шөлкемлестириўдиң Наманган тәжирийбеси, адамлар менен пикирлесиўдиң жаңа үлгиси болады. Ең үлкен табысымыз бундай уйымларда енди пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекет етеди.

Мәкемениң оныншы қабатында «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайының ўәлаятлық және Наманган инновациялық орайы жумыс алып бармақта.

Президентимиз ҳаял-қызларды ойландырып атырған машқалаларды сапластырыў, олардың мәплерин тәмийинлеў бағдарында Республикалық Ҳаял-қызлар комитети, «Шаңарақ» илимий-изертлеў орайы алдында турған мәселелерге итибар қаратты. Ўәлаяттың ҳәр бир районы кесиминде шаңарақлардың  социаллық жағдайын үйрениў ҳәм илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығыў, ҳаял-қызлардың бәнтлиги, медициналық мәденияты бойынша талқылаўлар алып барыў зәрүрлигин атап өтти.

– Ҳаял-қызлар комитетлериниң ўәкиллери енди мәжилиспе-мәжилис жүрмейди, өз участкасындағы ҳаял-қызлардың машқалалары менен шуғылланады. Бул тараўдағы ең үлкен иллет – Ҳаял-қызлар комитетлери өзиниң изинен ҳеш кимди ерте алмайды. Оған шек қойылса ғана жәмийетимизде руўхый орталық өзгереди, ҳаял-қызлар машқалалары азаяды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳаял-қызлар жумыссызлығының алдын алыў, көрсетилип атырған медициналық хызметти, турақ жай шараятын жақсылаў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша жуўапкер адамларға зәрүр тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысының сапар етиўинен соң «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайының Наманган қалалық ҳәм 11 районлық бөлимине «Spark» автомобильлери тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 16-сентябрьдеги «Наманган қаласында заманагөй мәденият ҳәм дем алыў бағын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында үлкен дем алыў бағы жаратылмақта. Бул комплекстиң тырнағы Президентимиздиң өткен жылы Наманган ўәлаятына сапар етиўи ўақтында қаланған еди.

«Наманган дем алыў бағы»н шөлкемлестириў жойбарында жергиликли халық ҳәм ўәлаят мийманлары, атап айтқанда, жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериўге хызмет ететуғын инфраструктурлық объектлери нәзерде тутылған.  110 гектар майданды қамтып алған бағда ашық ҳәм жабық жүзиў бассейни, мини-стадион, муз сарайы, төрт жулдызлы мийманхана, үлкен аттракционлар, ертеклер қалашасы, саўда комплекслери, китапхана, Интернет кафе, боулинг ҳәм фитнес клублар, көп қабатлы заманагөй автомобиль тоқтаў орынлары, өнерментлер орайы, амфитеатр, аквапарк жайласады. Өзине тән ландшафтқа ийе аймаққа бийбаҳа саяманлы тереклер менен гүллер егилип, ботаника бағы жаратылады.

Түркияның «DOME+PARTNERS» компаниясының жойбары тийкарында қурылып атырған комплекстиң улыўма нырқы  12 миллион доллар ҳәм 116 миллиард сумды қурайды. 2019-жылы пайдаланыўға тапсырылыўы нәзерде тутылған бағда 1 мың 500 ге шамалас жумыс орны жаратылады. Ол жылына 100 мың адамға хызмет көрсетеди.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде кең көлемли дөретиўшилик жумыслар даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысына мәденият ҳәм дем алыў бағында қурылыўы режелестирилип атырған «Он бир Аҳмед» мешити, Гүлистан проспектинде қурылысы мөлшерленген «Namangan City», Поп районындағы заманагөй саўда комплекси ҳәм «Pop eco park», Наманган қаласы канализация системаларын реконструкциялаў ҳәм кеңейтиў сыяқлы жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Президентимиз тек ғана ўәлаятта емес, ал елимизде бийбаҳа болатуғын бул комплексти сапалы қурыў бойынша усыныслар берди. Бағқа «Afsona Land» атамасын бериўди усыныс етти.

Усының менен мәмлекетимиз басшысының Наманган ўәлаятына сапары жуўмақланды. Сапар етиў даўамында жетискенликлер менен бирге, бир қатар кемшиликлер де бар екени атап өтилип, оларды сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди. Бул адамлардың аўырын жеңиллетиўде, ҳәр бир тараўда әдилликти тәмийинлеўде, аймақларды избе-из раўажландырыўда әҳмийетли фактор болады.

 

Зиёдулла ЖАНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРАДОВ,

Умар АСРОРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары