Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-май күни Корея Республикасының Арқа менен экономикалық бирге ислесиў бойынша комитетиниң баслығы Сон Ён Гиль басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Қубла Корея басшыларын ҳәм халқын быйыл 27-апрель күни Пханмунжомда Кореялараралық саммит табыслы өткени менен және бир мәрте қутлықлады.

Бул тарийхый илаж Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң КХДР менен қатнасықларды жақсылаў, регионда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, исеним орталығын беккемлеўге қаратылған «Жаңа арқа сиясат»ты жүзеге шығарыў бағдарындағы қатаң позициясы ҳәм ис-ҳәрекетлери себепли унамлы нәтийжелер берип атырғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы менен Корея Республикасы арасындағы стратегиялық шериклик избе-из раўажланып, көп қырлы бирге ислесиў кеңейип атырғаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

2017-ноябрь айында Қубла Кореяға жоқары дәрежедеги сапар етиў ўақтында ерисилген келисимлер еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да жоқары дәрежеге алып шығып, сапасы жағынан жаңа мазмун, түрли тараўларға байланыслы анық жойбарлар ҳәм бағдарламалар менен байытты.

Сәўбетте еллеримиз арасында саўда-экономикалық, қаржы-инвестициялық, инновациялық ҳәм гуманитарлық, соның ишинде, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўдиң перспективалары додаланды.

Сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сон Ён Гиль мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ҳәм қутлықлағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Мийман Корея Республикасы шексиз регионның тынышлығы, турақлылығы ҳәм избе-из раўажланыўы жолында Өзбекстан Республикасы менен кең көлемли ҳәм көп форматлы шерикликти буннан былай да кеңейтиўден және беккемлеўден мәпдар екенин атап өтти.

 

ӨзА