(Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бәршеге де несип ете бермейтуғын жоқары сыйлыққа мүнәсип көрилгенинен тәсирленген агентлик шолыўшысының кеўил кеширмелери…)

Агентлигимиздиң «Алтын қәлем» мәмлекетлик сыйлығын алғанын еситкенимнен соң әкемниң жақында ғана комедия жанрындағы киноны көрип отырып айтқан бир гәпи есиме түсти:

– Сениң менен бизиң өмиримиз, жәмәәттиң тәғдири кеме капитаны сыяқлы басшының ақылына, искерлигине байланыслы. Егер кемени басқаратуғын капитан ақыллы болса, ҳәттеки, қарама-қарсы ескен самалдан да пайдаланып, кемени мәнзилге жеткерип барады. Егер дурыслы капитан болмаса, кеме толқынлар менен самалдың ықтиярында қаңғып ҳәм суў түбине шөгип кетиўи де мүмкин.

Шаңарақта әке ийнеге уқсайды, ол ийне болып перзентлерин жип сыяқлы жақсы дизгинге салып, изинен ерте алса бул шаңарақта жамалмайтуғын жыртық болмайды.  Сондай-ақ, елдиң кемис-қутығын жип сыяқлы жамайтуғын да халықтың өзи, бирақ басшы ийне болып жипти керек бағдарда ертсе ғана елдиң жыртығы жамалады.

Мәселен, Әмир Темур бабамыз ийне тақылетте халықты, өз әскерлерин изине ертип, ҳәр жерде шашаў жасап атырған халқын бириктириў арқалы уллы мәмлекетти дүзди.

Усы жерде уллы Қытай философы Конфуцийди, усындай тәлийматларды жаратыўшы илимпазларды, сондай-ақ, дөретиўшилерди тәрбиялап шығаратуғын устазларды ийне соғатуғын усталарға теңегим келеди.

Әкем көрип отырған комедиядағы «Дизгинсиз дүнья – бийтәртип дүнья» ибарасының астында үлкен мәни жатырғанын енди түсингендей болдым.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.