-дейди пайтахтымыздағы 20-санлы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Гүлнара Утемуратова.

«Саўап исти ҳәр ким ислеўи, ҳәр күни ислеўи керек». Биринши Президентимиз И.Кәримовтың бул даналық сөзи бүгинги күни көпшилик заманласларымыздың күнделикли турмыс тәризине айланған, десек асыра айтқан болмаймыз. Пайтахтымыздағы 20-санлы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Гүлнара Утемуратова аймағындағы жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шахслардың турмыс шараятын жақсылаў, олардың бул өмирден разы болып жасаўы ушын шараят жаратып бериў жолында тынымсыз мийнет етип, көпшиликтиң алғысына миясар болып жүрген инсанлардан бири.

Өткен жылдың декабрь айында усы аймақтан социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәм майыплығы болған шахсларға 42 квартиралы жаңа турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Соның ишинде өзи басшылық етип киятырған пуқаралар жыйынынан 5 пуқара усы турақ жайдан алыўға миясар болды. Бул турақ жай имаратында 922  миллион сумлық қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылды. Мәкан пуқаралар жыйынының баслығын көбинесе усы турақ жай турғынлары арасында ушыратасыз. Себеби, қай жерде, қандай жумыс пенен бәнт болса да олардың ҳал-жағдайынан хабар алып кетиўди күнделикли әдетине айландырған, десек асыра айтқан болмаймыз. Өз гезегинде турғынлар да оны интизарлық пенен күтеди.

-Усы күнге шекем алты балам менен кирейде отырып келдик,-дейди 8 топар майыбы Қайрат Оразов.-Оның үстине еки көзим бирден көрмей қалып, бир балам шет елде тосаттан қайтыс болды. Турмыстың усындай машқалаларынан, оны үстине турақ жайдан қыйналып келдим. Президентимизге рахмет, көпшилик майыплығы болған шахслар қатарында маған да усы жаңа турақ жайдан бири берилди. Нөкис қаласы ҳәкимлиги, республика Прокуратурасы, төртинши сектор басшылары хабар алып, азық-аўқатлық затлардан жәрдем берип турады. Мәкан пуқаралар жыйынының баслығы дерлик ҳәр күни келип, ҳал-жағдайымызды билип кетеди.

-Ғәрезсиз елимизде ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў,  социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың, майыплығы болған шахслардың турмыс шараятларын жақсылаў, оларды турақ жайлар менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди мәкан пуқаралар жыйынының баслығы  Гүлнара Утемуратова.-Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрь  күнги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы буның айқын дәлийли болып табылады.

Аймағымызда 1109 шаңарақ болып, оларда түрли миллет ўәкиллеринен ибарат 9200 ге шамалас халық беккем аўызбиршиликте жасап келмекте. Мәкан пуқаралар жыйынымыз «Гөне қала» деп аталғаны менен бүгинги күни пайтахтымыздың ең шырайлы орынларының бирине айланбақта. Көп қабатлы заманагөй турақ жайлар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў орынлары, билимлендириў ҳәм емлеў мәкемелериниң имаратлары, спорт комплекслери қаламыздың шырайына щырай қосып келмекте. Соның ишинде, мәкан пуқаралар жыйынымыздың имараты қәўендерлеримиздиң жәрдеминде көмек усылында қурып питкерилди.

Аймақ турғынларының перзентлери 27-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде, 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде тәлим-тәрбия алмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 30-марттағы қарарына тийкарланып 35 шаңараққа бир мәртелик материаллық жәрдем, кем тәмийинленген 25 шаңараққа, 14 жасқа шекемги баласы бар 53 шаңараққа, 2 жасқа шекемги баласының күтимине қарап отырған 57 анаға материаллық жәрдем берилмекте. Буннан тысқары, өзгениң күтимине мүтәж 4 жалғыз пуқара 12 атамадағы азық-аўқатлық затлары менен турақлы тәмийинленбекте.

Аймағымызда жасайтуғын Хатша апа Абдиғаппарованың үйи республикалық кәсиплик аўқамлары Кеңеси тәрепинен оңланып, Дурсын Черкесова, Элмира Абдисаметов, Зыяда Қаражанова, Саламат Жәлимбетовлардың шаңарағына турмыс хызмети буйымлары берилген болса, биринши топар майыбы Базарбай Мәмбетниязов пенен Еркебай Сармановлардың шаңарақларының коммуналлық төлемлерден қарыздарлығы төлеп берилди.  Сондай-ақ, өрт нәтийжесинде үйи жанып кеткен марҳум Амин ата Нуратдиновқа көмек усылында үш бөлмели турақ жай қурып берилип, көрпе-төсек, үй-руўзыгершилик буйымларынан жәрдем етилди. Усы шаңарақта жасаўшы екинши топар майыплары Назлымхан Нуратдинова, Шахмардан Нуратдинов, Мазлымхан Нуратдиноваларға пуқаралық паспортлары, Клара Нуратдинова менен Мәдияр Нуратдиновларға туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлары алып берилди. Бүгинги күни бул шаңарақ ағзалары материаллық жәрдем ҳәм азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинленип тур. Биринши топар майыбы Нөкисбай Идрисов, екинши топар майыбы Абдижамал Алсереев, балалығынан майып Саламат Жәлимбетов,  екинши топар майып баласы бар Гүлназ Тажиева, үш балалы жалғыз баслы ана Замира Исмаиловалар  турақ жай менен тәмийинленди. Жумабай Қарамурзаев, Шахзада Әлимбетова, Қәллибек Пиржановлардың шаңарақларына да қәўендерлик жәрдем көрсетилди.

Мәкан пуқаралар жыйыны баслығының басламасы, төртинши сектор ўәкиллериниң қоллап-қуўатлаўында майыплығы болған шахсларға берилген 42 квартиралы турақ жайдың турғынлары менен биргеликте улыўмахалықлық Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди.  Соны айрықша атап өтиў керек, бүгинги күни аймақ турғынларыөзлерине бекитилген қыйтақ жер майданларына азық-аўқатлық егинлерин егиў жумысларында белсендилик көрсетпекте. Бунда баслама менен шығып атырған көп қабатлы турақ жай турғынлары қәўендерлик жәрдем ретинде мийўе ҳәм саяманлы терек, түрли гүл нәллери менен тәмийинленбекте.

Мәкан пуқаралар жыйыны баслығының басламасы, төртинши сектор ўәкиллериниң қоллап-қуўатлаўында майыплығы болған шахсларға берилген 42 квартиралы турақ жайдың турғынлары менен биргеликте улыўмахалықлық Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди.  Соны да айрықша атап өтиў керек, бүгинги күни аймақ турғынлары өзлерине бекитилген қыйтақ жер майданларына азық-аўқатлық егинлерин егиў жумысларында белсендилик көрсетпекте. Онда баслама менен шығып атырған көп қабатлы турақ жай турғынлары қәўендерлик жәрдем ретинде мийўе ҳәм саяманлы терек, түрли гүл нәллери менен тәмийинленбекте.

Жоқарыда атап өтилген Пәрманның талабын орынлаў шеңберинде майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепиликлерин күшейтиў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы тастыйықланды. Онда майыплығы болған шахслардың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин арттырыў, майыплықтың алдын алыў, майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм оларды реабилитациялаў, олардың билим алыўын, арнаўлы кәсип-өнерге таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ,  жумысқа орналастырыўды тәмийинлеў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды атқарыў нәзерде тутылған. Демек аймақта бундай қайырқомлық илажлары еле даўам ете береди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.