Ташкентте «Алтын қәлем»  XIII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўдың жеңимпазларын ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтпекте.

Европа аўқамының және бир ўәкили – Орайлық Азия регионаллық экология орайы өз бағдарынан келип шығып, фотохабаршылар, баспа ҳәм электрон ҒХҚ журналистлеринде суўды үнемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар сәўлеленген «Суў-экология темасындағы машқалалар ҳәм олардың шешимлерине бағышланған ең жақсы материаллар ушын» үш сыйлық усынған еди. Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Есимхан Қанаатов усы номинацияның жеңимпазы болды. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

      Мағлыўматларға қарағанда, быйылғы таңлаўға 523 журналист 7100 дөретиўшилик жумысы менен қатнаспақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги