Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 13-май күнлери аралығында пайтахтымызда Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен өткерилетуғын «Камалак билимданлары» таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы жуўмақланды.

14 командадан ибарат таңлаў қатнасыўшылары пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Камалак ағзасыман» таныстырыў, «Камалак билимданлары» сораў-жуўап, «Мен әрман еткен Камалак балалар шөлкеми» социаллық жойбар, «Билимданлар беллескенде» интелектуальлық ринг шәртлери бойынша өз билимлерин сынақтан өткерди.

Тәжирийбели төрешилер тәрепинен таңлаў жеңимпазлары анықланды. Атап айтқанда, Сырдәрья ўәлаятының «Гүлистан» районындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Бахытлы балалар» командасы биринши, Шымбай районындағы 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Көзмоншақ» командасы екинши, Ташкент қаласы «Чиланзар» районының 195-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Камалак дизгинлери» командасы үшинши орынға ылайықлы, деп табылды.

Таңлаўда барлық қатнасыўшылар «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды. Сондай-ақ, жеңимпазлар, елимиз бойлап шөлкемлестирилетуғын Бухара, Самарқанд, Шаҳрисабз, Қоқанд, Термиз ҳәм Хийўа қалаларының бирине  саяхат етиў имканиятына ийе болып, қымбат баҳалы ноутбук пенен сыйлықланды.

Солай етип, 3 күн даўам еткен таңлаў өз жуўмағына жетти.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы