Усы жылдың 4-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының аймақлық басқышы болып өтеди.

Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жайҳун», Әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының «ТАТУ», Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының «Агро Life» ҳәм Ташкент мәмлекетлик педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының «Актив» командалары өз ара қәбилетлерин сынап көреди.

Таңлаў сәлемнама, сораў-жуўап ҳәм музыкалық бөлим сыяқлы шәртлерден ибарат болыўы режелестирилген.

– Таңлаўдың қәбилетли жасларды анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм бул арқалы олардың оқыў және жәмийетлик жумыслардағы белсендилигин, зийреклилигин арттырыўдағы әҳмийети үлкен. Өткен жылы таңлаўдың шерек финал басқышына шекем жетип барған едик. Быйыл таярлықларымыз күшли. Командамыз бенен бирге өз зийреклигимиз, тапқырылығымыз ҳәм қәбилетимизди көрсетиў арқалы жақсы нәтийжелерге ерисиўди мақсет еткенбиз, – дейди «Жайҳун» командасының сәрдары Бабур Бахтыяров.

Таңлаўда студентлердиң ҳәр бир шығыўын баҳалап барыў ушын Ташкент қаласынан усы таңлаўдың шөлкемлестириўшилери болған Олим Худайназаров ҳәм Умарбек Раҳманқуловлардың келиўи күтилмекте.

Еслетип өтемиз, таңлаўдың аймақлық басқышы 4-май күни саат 14:00 де басланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.