И.Юсупов атындағы инталы балалар мектепинтернатына бүгинге шекем 200 ден аслам оқыўшы арза тапсырған.

Мектепте быйылғы оқыў жылында еки 5-класс, биреўден 6-7-класслардың ашылыўы нәзерде тутылмақта. Олардың ҳәр бирине 30 оқыўшыдан қабылланады.

5-класс оқыўшылары  қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнлеринен тест сынақларын тапсырады, ал, 6-7-класс оқыўшылары сәўбеттен өтиўи керек. Сынақларда көбирек оқыўшылардың әдебий дөретиўшилик потенциалына, усы пәнлерди өзлестириўине итибар қаратылады.

Бул оқыў орнын тәжирийбели, пидайы устаз-оқытыўшылар менен тәмийинлеў мақсетинде барлық пәнлер бойынша муғаллимлер аўызша имтиханлардан өткерилген ҳалда алынады. Оқытыўшыларға қойылатуғын тийкарғы талаплар – жоқары мағлыўматлылық, I дәрежели ҳәм жоқары категорияға ийе болыўы ҳәм өз кәсибине пидайылығы.

Оқыўшылар ушын да, оқытыўшылар ушын да сынақлар август айында өткериледи.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.