Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасының сайланды командасы Термиз қаласында өткерилген «Өрт өшириў әмелий спорты»  жарысында он бес команда арасында биринши орынды ийеледи.

Беллесиў төрт басқышта яғный 4×100 метрге өрт өшириў эстафетасы, 100 метрге тосықлар аса жуўырыў, зәңги менен объекттиң төртинши қабатына көтерилиў, жаўынгерлик жайылыў шәртелри бойынша өткерилди.

Еслетип өтемиз, қарақалпақстанлы өрт өшириўшилеримиз Өзбекстан көлеминде биринши мәрте усындай жарыста биринши орынға ылайық деп табылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги