Бүгин Тақыятас районында информатика пәни бойынша жылдың ең жақсы пән муғаллими таңлаўының республикалық басқышы болып өтпекте.

Оған  16 муғаллим қатнаспақта. Олар төрт тур бойынша өз билимлерин сынақтан өткереди. Яғный, биринши тур – сабақ қолланбасы, екинши тур – пәнди оқытыўда машқалалар ҳәм оның шешимин таныстырыў, үшинши тур – басқа классқа сабақ өтиў, төртинши тур – онлайн тест.

Усындай таңлаў Нөкис қаласында, Хожели, Кегейли, Әмиўдәрья районларында да болып өтиўи нәзерде тутылған.

Еслетип өтемиз, таңлаў 5-майға шекем даўам етеди

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги