Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған 29-апрель күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Еки елдиң мәмлекетлик байрақлары менен безелген Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Түркия Республикасының Президенти ҳәм оның ҳаялын Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

Түркия Республикасы Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин биринши болып тән алғанлығын атап өтиў керек. 1996-жылы еллеримиз арасында Мәнги дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды. Халықларымыз көп әсирлик тарийхы, дини, қәдриятлары ҳәм бирдей үрп-әдетлери менен бир-бирине тығыз байланысқан. Мәмлекетлеримиз арасында өз-ара исеним тийкарындағы дослық қатнасықлар бүгинги күнде избе-из беккемленип бармақта.

Сапардың тийкарғы илажлары Көксарай резиденциясында болып өтти. Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Шавкат Мирзиёев пенен Режеп Таййип Эрдоған минберге көтерилди. Өзбекстан ҳәм Түркияның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Президентлер ҳүрметли қараўыл қатарының алдынан өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған тар шеңберде ушырасыў өткерди. Дослық ҳәм ашық-айдынлық руўхында өткен сөйлесиўде Өзбекстан менен Түркия арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, илим, мәденият ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылды.

Президентимиз Түркия Президентин шын жүректен қутлықлап, еллеримиздиң қатнасықлары раўажланыўында әҳмийетли сиясий ўақыя болған бул сапар етиў өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған бирге ислесиўимиз избе-из раўажланып атырғанын дәлиллейтуғынын атап өтти.

– Өткен жылы еллеримиз арасындағы дослық қатнасықлар жаңа стратегиялық басқышқа көтерилди. Өз-ара ис-ҳәрекетлер себепли товар алмасыў көлеми сезилерли дәрежеде өсти. Қол қойылған ҳүжжетлер нәтийжесинде халықаларымыз арасындағы барыс-келис жеңиллести. Жоқары дәрежедеги гезектеги сөйлесиўлер халықларымыздың пайдасына хызмет етип атырған усы ийгиликли ислердиң пәтин буннан былай да арттыратуғынына беккем исенемен, – деди Шавкат Мирзиёев.

Режеп Таййип Эрдоған  мәмлекетимиз басшысына мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирип, еллеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық тараўларда турақлы раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

– Түркия ҳәм Өзбекстан тарийхы уллы, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери уқсас, ең жақын дослар сыпатында танылған. Халықаралық майданда да, өз-ара байланысларда да бир-бирин  бәрқулла қоллап-қуўатлайды. Бүгинги сөйлесиўлер усы дослық байланысларды және бир текше жоқарыға алып шығатуғынына исенемен, – деди Режеп Таййип Эрдоған.

Өзбекстан ҳәм Түркияның бирге ислесиўи еки тәреп ушын да пайдалы. Елимиздиң базары, күн сайын еркинлесип атырған экономикасы, инвестициялық орталығы Түркияны қызықтырады. Бул елдиң раўажланған санааты, транспорт коммуникациялары, теңиз жоллары, аўыл хожалығы ҳәм туризм потенциалы Өзбекстанға пайда келтиреди.

Мәмлекет басшылары 2017-жыл 14-май күни Пекинде болып өткен «Бир мәкан, бир жол» форумы, сол жылдың 10-сентябрь күни Астана қаласында болған Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша саммити шеңберинде сөйлесиўлер өткерди. Сондай-ақ, сентябрь айында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясы шеңберинде ушырасты.

Президентимиздиң 2017-жыл октябрь айында Түркияға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме дослық қатнасықларда жаңа дәўирди баслап берди. Сапар даўамында еки мәмлекет басшылары Өзбекстан-Түркия бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайын ҳәм перспективаларын толық додалады. Қол қойылған Бирликтеги билдириў өз-ара бирге ислесиўди стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыўда ең әҳмийетли ҳүжжет болды.

Президентлер сөйлесиўди еки елдиң рәсмий делегациялары қатнасыўында даўам еттирди.

Сөйлесиўде саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт, туризм, илим ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Өз-ара саўда көлемин ҳәм оның қурамын кеңейтиў бойынша унамлы өзгерислер айрықша атап өтилди.

Түркия Өзбекстанның әҳмийетли саўда шериклеринен бири болып есапланады. 2017-жылы мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми 30 процентке артып, 1,5 миллиард АҚШ долларын қурады.

Усы жылдың биринши шерегинде бул көрсеткиш 20 процентке өсип, 400 миллион долларға жетти. Жақын жылларда бул көрсеткишти 5 миллиард долларға жеткериў ушын анық илажлар бойынша келисип алынды.

Реңли металлар ҳәм олардан таярланатуғын буйымлар, мийўе-овощ өнимлери, хызметлер, азот төгинлери, нефтьти қайта ислеўден алынатуғын өнимлер елимиздиң Түркияға тийкарғы экспорт бәнтлерин қурады. Өз гезегинде, елимиз бояныў буйымлары, түрли механикалық ҳәм электрон үскенелер, пластмасса ҳәм олардан таярланатуғын өнимлер, тоқымашылық, химия, фармацевтика өнимлери, тери ийлеў ҳәм бояў қуралларын импорт етеди.

Өзбекстан Түркия базарына жеңил санаат, химия, металлургия, машина қурылысы, электротехника, тери аяқ-кийими ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўди кеңейтиўге таяр. Бул бойынша Стамбул қаласында ашылған Өзбек-Түрк саўда үйи имканиятларынан кең пайдаланыў мүмкин екенлиги айрықша атап өтилди.

Транспорт коммуникациялары ҳәм транзит тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге де айрықша итибар қаратылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия және Жер үсти жүк тасыўлары ҳаққындағы келисимлерге муўапық дүзилген Халықаралық автомобиль тасыўлары мәселелери бойынша бирликтеги комиссия бул бағдардағы байланыслардың раўажланыўына салмақлы үлес қоспақта.

«Баку-Тбилиси-Карс» темир жолы өз-ара саўда байланыслары ушын үлкен имканиятлар жарататуғыны атап өтилди. Сол жағынан транзит тарифлерин еле де оптималлластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстанда 1993-жылдан берли ўәкилханасы жумыс ислеп атырған Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлигиниң (ТИКА) ис-ҳәрекетлери де жоқары баҳаға ылайық болып табылады. Өткен дәўир даўамында усы агентлик медицина ҳәм билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын модернизациялаўда, аўыл хожалығы менен киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўға бағдарланған бир қатар жойбарлардың турмысқа енгизилиўинде белсене қатнасты.

Сөйлесиўлерде еле пайдаланылмаған имканиятлардың көп екенлиги, бул сапар етиў еки елдиң министрликлери ҳәм ведомстволары, исбилермен топарлары арасындағы байланыслардың раўажланыўына жаңа пәт бағышлайтуғыны атап өтилди.

Еки елде де өтимли болған жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди жеткерип бериў ҳәм узақ мүддетли инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы өз-ара саўда көлемин турақлы арттырып барыў ҳәм диверсификациялаў бойынша исенимли пикир билдирилди.

Өзбекстанда Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, ең дәслеп, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарында минерал ҳәм шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў тийкарында жоқары қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жумыслары буннан былай да хошаметленип барылатуғыны атап өтилди.

Туризм тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириўде миллий авиакомпанияларымыз арасындағы шерикшилик әҳмийетли орын тутады.

«Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авикомпаниясы тәрепинен өткен жылдың октябрь айынан баслап «Самарқанд-Стамбул», усы жылдың мартынан баслап «Түрк ҳаўа жоллары» тәрепинен бул жөнелис бойынша тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылғаны, халықларымыз арасындағы барыс-келистиң әпиўайыластырылғаны үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта авиақатнаўларды кеңейтиў мақсетинде жаңа режелер менен қоспа жойбарлар ислеп шығылмақта.

Елимизде туризм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бағдарламалар шеңберинде түрк инвестициясының қатнасыўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселеси де сөйлесиўлердиң тийкарғы темасы болды.

Өзбекстан да, Түркия да туризм тараўында үлкен имканиятларға ийе. Бул потенциалдан толық пайдаланыў, туристлер алмасыўын арттырыў үлкен экономикалық нәтийже береди.

Және бир әҳмийетли бағдар-Өзбекстанда зыярат етиў туризмин раўажландырыў бойынша да әмелий пикир алысыўлар болып өтти.

Өткерилген сәўбетлесиўлер ҳәм сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан Халықаралық ислам академиясы, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Ташкент Ислам цивилизациясы орайының инфраструктураларын раўажландырыў ҳәм олардың жумысын қәлиплестириўде түркиялы дослар менен жақыннан бирге ислесиўге келисип алынды.

Бүгинги күнде жедел раўажланып атырған мәдений-гуманитарлық байланыслар да Өзбекстан-Түркия қатнасықларының ажыралмас бөлеги болып есапланады. 2016-жыл июнь айында Анкарада Өзбекстан мәденияти күнлери болып өтти. Түрк көркем өнер шеберлериниң Самарқандта өткерилетуғын «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалында турақлы қатнасыўы, Түркия мәмлекетлик телерадиокомпаниясы (ТРТ) Өзбекстанда өткерилетуғын рәсмий салтанатларды шет еллерге ретрансляция етиўи дәстүрге айланды.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық билимлендириў тараўларында, жетекши изертлеў орайлары арасында тәжирийбе алмасыў және профессионал кадрлар таярлаў бойынша бирге ислесиў де үлкен әҳмийетке ийе.

Еллеримиз БМШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде де нәтийжели бирге ислесип келмекте. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша тәреплердиң позициялары бир-бирине уқсас ямаса жақын.

Президентлер регионаллық ҳәм халықаралық дәрежедеги тынышлықты, қәўипсизликти  ҳәм турақлылықты беккемлеўди қәлейтуғынын атап өтип, көп тәреплеме структуралар шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге умытылатуғынлықларын билдирди. Атап айтқанда, Аўғанстанда тынышлыққа ерисиўдиң бирден-бир жолы-орайлық ҳүкимет ҳәм ел ишиндеги тийкарғы сиясий күшлер арасында алдыннан ҳеш қандай шәрт қоймай, тиккелей сөйлесиў алып барыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев. -Әлбетте, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми бул бойынша тийкарғы дәлдалшы ролин атқарыўы зәрүр.

Мәмлекет басшылары ағартыўшы ҳәм кеңпейил ислам динин үгит-нәсиятлаў, оның тийкарғы инсаныйлық мәнисин пүткил дүнья жәмийетшилигине жеткериў бойынша бирге ислесиў айрықша әҳимийетке ийе екенлигин атап өтти. Ислам дини бәрқулла жақсылыққа ҳәм тынышлыққа, тийкарғы инсаний пазыйлетлерди қәстерлеп-сақлаўға ийтермелейди.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Преизденти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған кең көлемли стратегиялық бирге ислесиўимизди жаңа, еле де жоқары басқышқа көтериўге қаратылған, өз мазмун-мәниси менен үлкен әҳмийетке ийе болған Бирликтеги билдириўге қол қойды.

Өзбекстан-Түркия бирге ислесиўиниң ҳуқықый тийкарларын буннан былай да беккемлеў мақсетинде еллеримиздиң ҳүкиметлери, министрликлер ҳәм ведомстволар арасында экономика, саўда-сатық, транспорт-логистика, санаат, илим, билимлендириў, туризм ҳәм басқа да тараўларға тийисли 24 ҳүжжетке қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Режеп Таййип Эрдоған сөйлесиўлер өз-ара түсинисиў ҳәм ҳүрмет руўхында өткенин, қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы менен Түркия Республикасы арасындағы узақ перспективалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

-Сөйлесиўлер халықларымыз арасындағы әзелий дослық ҳәм туўысқанлық дәстүрлерге сай ҳалда, ашық-айдын, мазмунлы ҳәм нәтийжели болды. Бирге ислесиўимиздиң бүгинги жағдайы ҳадал баҳаланып, оның тийкарғы бағдарлары ҳәм перспективадағы ўазыйпалары анық белгилеп алынды. Еки мәмлекет басшыларының басшылығында Стратегиялық шериклик жоқары кеңесин дүзиў бойынша келисимге ерисилди,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Түркия Президенти сөйлесиўлер өз-ара түсинисиў, мәпдарлық ҳәм исеним руўхында өткенин, Түркия ҳәм Өзбекстан бирге ислесиўи буннан былай да беккемленип, стратегиялық дәрежеге көтерилгенин атап өтти. Көлеми менен әҳмийети үлкен болған келисимлерге ерисилгенинен, Бухарадағы муқаддес зыярат етиў орынларын зыяратлайтуғынынан қуўанышлы екенин билдирди.

Режеп Таййип Эрдоған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына барды. Жоқары дәрежели мийманға елимиз парламентинде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында айтып берилди. Түркия Президенти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары алдында шығып сөйледи.

Күнниң екинши ярымында Түркия Президенти Ғәрезсизлик майданына барды. Жоқары мәртебли мийман еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң нышаны болған Мустақиллик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Соң Режеп Таййип Эрдоған Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтиң естелигине гүл қойып, Уллы Жолбасшымыздың естелигине ҳүрмет көрсетти.

Мәмлекет басшылары Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған «Өзэкспоорай»да шөлкемлестирилген «Өзбекстан-Түркия» исбилерменлериниң бизнес форумында қатнасты. Бизнес-форум шеңберинде улыўма нырқы 3 миллиард долларға тең 50 ден аслам жаңа инвестициялық қоспа жойбарды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Президентлер еллеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда бундай бизнес-форумлар үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршысы