Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 29-декабрьдеги «Халыққа күнделикли тутыныў ушын сатылатуғын суйытылған газдың республика бойынша көтере баҳасын басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, усы жылдың 1-апрелинен баслап суйытылған газдың баҳасы орташа 20 процентке қымбатлады. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Суйытылған газдың баҳасы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятынан басқа барлық аймақларда қымбатлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги