Спорттың гандбол түри бойынша  2003-2004-жыллары ҳәм  2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикалық чемпионаты өткерилиўи режелестирилмекте.

Чемпионаттың биринши тур ойынлары 4-6-май күнлери пайтахтымыздағы ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде, екинши тур ойынлары 29-31-май күнлери Шымбай районында, үшинши тур ойынлар Мойнақ районында, төртинши финал ойынлары усы жыл 28-29-июль күнлери   пайтахтымыздағы ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткериледи.

Жарыс халықаралық гандбол федерациясы қағыйдаларына муўапық алып барылады. Жарыс айланба, жекпе-жек, қорғаныў тактикасы усыллары пайдаланылады.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан гандбол федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги