Усы жыл 7-8-май күнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» ҳәм 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен республикамызға белгили палўан, педагогика илиминиң кандидаты, доцент Полат Серимбетовтың естелигине бағышланып спорттың гүрес түри бойынша ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар арасында республикалық турнир өткерилиўи режелестирилмекте.

Жарыста ер адамлар 66, 73, 81, +81 килограмм, ҳаял-қызлар 57, 63, 70 килограмм  салмақ категорияларында өз-ара күш сынасады.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Бул ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги