Усы жыл февраль айынан баслап қәўипли рецидивист сыпатында  излеўде  болған Сабуров Қуўатбай Ташкент қаласы Яшнабад районы Янгиобод базарында қолға алынды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ баспасөз хызмети хабар бермекте.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери Ташкент қаласына маманлығын арттырыў мақсетинде оқыўға барады. Оқыўдан бос пайытында Нөкис қаласы өрт қәўипсизлиги бөлими баслығы Жубанишов Жанибек, Тақыятас районлық өрт қәўипсизлиги бөлимшеси баслығы Қаниязов Ережепбай Қоңырат районлық өрт қәўипсизлиги бөлими баслығының орынбасарлары Палўанов Шерали ҳәм  Халмуратов Маҳмудлар телефон сатып алыў мақсетинде Янгиобод базарына барады. Ол жерде Сабуров Қуўатбайды узақтан көрип қалады. Ең дәслеп Жубанишов Жанибек оны дәрҳал шырамытады да, жанындағыларға: “Қараңлар, ана жердеги излеўдеги адам емес пе?” – дейди. Қырағы азаматлар Қуўатбай Сабуровтың жанына барып сораў бере баслайды. Дәслеп Қуўатбайсыз ба? –  деп мүрәжат етип көреди. Ал, өзин танытпаўға ҳәрекет еткен гүманланыўшы өзбек тилинде сөйлеп, “мен басқа адамман”,- дейди.

Өрт қәўипсизлиги хызметкерлери гүманланыўшының жалған сөзлер менен жаңылыстырыўға   ҳәрекет етип атырғанын билип, дәрҳәл қолға алып, тийисли уйымға тапсырады.

Еслетип өтемиз, Сабуров Қуўатбай ғайрытәбийғый жынаят ислеўде гүманланып, излеўге берилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги