Буннан былай 500 адамнан аз халық, бирақ кеминде 100 шаңарақ жасайтуғын барыў қыйын болған ҳәм таўлы районларда да шөлкемлестирилетуғын мәкан пуқаралар жыйынларының баслық (ақсақал)ларына ҳәм хаткерлерине мийнет ҳақы төленеди, деп хабар бермекте ӨзА.

«Жас балалы шаңарақларды қоллап-қуўатлаўды күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы 1996-жыл 10-декабрьдеги 437-санлы қарарының 2-бәнтине өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

Бул ҳүжжетке муўапық, Министрлер Кабинетиниң жоқарыда аты аталған 1996-жыл 10-декабрьдеги қарарының 2-бәнти үшинши абзацының екинши сөзи алып тасланды. Яғный «Бунда усыған әмел етилсин, мийнет ҳақы аймақларында кеминде 500 шаңарақ жасайтуғын мәкан пуқаралар жыйынларының баслық (ақсақал)ларына ҳәм хаткерлерине төленеди», деген қағыйда өз күшин жойтты.

Буның менен 500 ден кем болған халық, бирақ кеминде 100 шаңарақ жасайтуғын барыў қыйын болған ҳәм таўлы районларда да шөлкемлестирилетуғын мәкан пуқаралар жыйынларының баслық (ақсақал)ларына ҳәм хаткерлерине мийнет ҳақы төлеўдиң ҳуқықый механизми жаратылды.

Бул өзгерислер пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары хызметкерлериниң шаңарақларын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўды шөлкемлестириў ҳәм усындай қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған шаңарақларды анықлаў, жас балалы шаңарақларға пенсиялар төлеў ушын арналған қаржылардан белгиленген мақсетте ҳәм нәтийжели пайдаланыўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги