Усы жыл 30апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының          2018-жылдың 3 айы даўамындағы жумысларының жуўмақларына арналған Кеңес мәжилиси болып өтти. Онда Федерацияның районлық, қалалық жәмийетлериниң баслықлары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Онда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл            28-ноябрьдеги 414-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жылғы 194-санлы «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўда жәмийетшилик қатнасты кеңейтиў ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамлары тийкарында Нөкис қаласы,  Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай, Хожели районлары жәмийетлери тәрепинен әмелге асырылған жумыслары талқыланды.

– Есабат дәўиринде Федерацияға жәми 200 мүрәжат келип түсти,-дейди Федерацияның мәлимлеме ҳәм хабар секторының баслығы Дилшода Дәўлетбаева. – Усы мүрәжатлардың 168 и унамлы шешилди. Нәтийжеде, тутыныўшыларға жәми 29 миллион 765 мың сум муғдарындағы ақша қайта есаплап берилди. Тутыныўшылардан келип түскен арзаларды районлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ, 28 мүрәжат Хожели районына тийисли. Районлық қәнигелер тәрепинен үйренип шығылыўы себепли 11 миллион 714 мың сум тутыныўшылардың пайдасына шешилди. Ал, Төрткүл районлық  тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен тутыныўшылардың пайдасына 7 миллион 188 мың сум есап етилди.

Кеңесте  Федерацияның Жаслар мәселелери бойынша әмелге асырылған жумыслары тыңланып, Федерация ҳәм оның районлық, қалалық жәмийетлери тәрепинен шөлкемлестирилген оқыў-семинарлары және руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелери көрип шығылды ҳәм алдағы ўазыйпалар туўралы пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешим қабыл етилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.