Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, байрам илажлары даўам етпекте.  Жақында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының ҳәм оның Қарақалпақстан Республикалық басқармасының ўәкиллери республикамыздың қала ҳәм районларында болып, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларынан хабар алды.

– Өткенлерди еслеў, олардың руўхын шад етиў, кекселерди қәдирлеў халқымызға тән пазыйлет есапланады. Елбасшымыздың басламасы менен шөлкемлестирилген мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм инсаныйлыққа қаратылған қайырқомлық илажларда бизиң тараўымыз хызметкерлери де мүнәсип қатнасыў ушын ҳәрекет етпекте,-дейди Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Жеңис Ермашев. – Атап айтқанда, жақында Президентимиздиң көрсетпесине тийкарланып, бүгинги күнде республикамызда жасап атырған 27 урыс қатнасыўшыларынан ҳәм майыплығы бар шахслардан хабар алынып, олардың жасап атырған турақ жайларындағы электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўынан пайдаланыўы ушын мүмкиншилик жарататуғын 300 мың сумлық қунға ийе гүўалықлар тапсырылды.

Бул ҳүжжет Бюроның орынлардағы бөлимлерине усынылыўы менен-ақ тийисли төлемлер дәрҳал әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған усы илажлар республикамыздағы дерлик 1173 урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплығы бар шахслардың жасаў мәнзиллерине барып, олардың шаңарақ ағзаларының қатнасында тапсырылмақта.

– Мени  1943-жылы 18 жасымда әскерликке шақырған еди. Ол ўақытта ҳәзиргидей машиналар жоқ еди. Бизлерди дәрья арқалы паром менен алып кетти. Ол жыллар қатты қыйыншылық жыллары еди. Мине, бүгин елимизде тынышлық, дарқаншылық. Президентимиз бенен ҳүкимет басшылары  бизлерди сыйлап, ҳүрмет көрсетпекте. Ҳәр күн қуры емес. Мине бүгин бюро хызметкерлери де келип сәлем берди ҳәм газ, суў, электр энергиясы ушын 300 мың сум төленгенин билдиретуғын қағаз берип кетти. Еки улым, төрт қызым, елиўге шамалас ақлық-шаўлықларым жанымда, бәрқулла жағдайымнан хабар алып турады. Илайым ендиги жағында ҳеш қандай урыс болмағай,-дейди Нөкис қаласы А.Қодирий көшесинде жасайтуғын урыс қатнасыўшысы Қәдирбай ата Нарманов.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(Сүўретлерде;Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының ўәкили Раҳманбек Кенжебаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Жеңис Ермашевлар урыс қатнасыўшыларынан хабар алмақта.

Урыс қатнасыўшылары – Қәдирбай  Нарманов, Нурылла Абдуллаев).