Шоманай районындағы әскерий бөлимде еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы, райондағы «Қарабайлы» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Айтбай ата Тәжибаев пенен үш әўлад ушырасыўы болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Ушырасыўға әскерий бөлимде хызмет етип атырған әскерлер менен мектеп оқыўшыларынан дүзилген «Қызлар клубы» ағзалары қатнасты.

Ушырасыўда Айтбай ата урыстағы басынан өткергенлери, халықтың қыйын күнлерди бастан кеширгени ҳаққында айта келип, бүгингидей тыныш ҳәм парахат турмысымызға шүкиршилигин билдирди. Өз гезегинде, мектеп оқыўшылары концерт бағдарламасын усынды.

Ушырасыў соңында урыс ветеранына байрам саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги