Әмиўдәрья районы орайы Манғыт қаласындағы 38-санлы улыўма билим бериў мектебиниң музыка пәни оқытыўшысы Озода Аҳмедова мектептеги қәбилетли оқыўшылардан ибарат «Тасанно» топарын шөлкемлестирди. Оған тийкарынан мектептеги 1-7-класс оқыўшылары ағза болған.

О.Аҳмедова басшылығындағы топар ағзалары Хийўа қаласына саяхат шөлкемлестирди. Олар әййемги қаладағы естеликлерди тамашалап, архитектуралық естеликлер менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, Хийўа қаласын зыяратлаўға келген саяхатшылар ушын концерт бағдарламасын шөлкемлестирди, деп жазылған Amunews.uz сайтындағы хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги