Усы жыл 10-12-май күнлери аралығында Нөкис районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып спорттың стол тенниси түри бойынша 200220032004-жыллары туўылған ҳәм оннан киши жастағы жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикалық чемпионаты өткериледи.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан командалар қурамында ҳәр жас категориясы бойынша 5 ер бала ҳәм 5 қыз жәми  100 ден аслам спортшының қатнасыўы күтилмекте.

Жарыс халықаралық стол тенниси федерациясы қағыйдаларына муўапық өткериледи. Жарыслар жеке, жуплық ҳәм аралас жуплық тәртибинде  өткериледи.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Сондай-ақ, жарыс жеңимпазлары ҳәр бир категория бойынша Республикалық сайланды команда қурамына муўапықластырылып, Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилетуғын спорт жарысына қатнасыў имканиятына ийе болады.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги