Мойнақ районындағы «Арал» мәкан пуқаралар жыйынында аймақтағы жәмлеспеген жаслар менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда жаслардың мүрәжатлары тыңланып, машқалалары үйренип шығылды. Жумыс сорап мүрәжат еткен еки жәмлеспеген жастың жумысқа орналасыўы тәмийинленди. Сондайақ, ушырасыўда сырт еллерге шығып жумыс ислейтуғын жасларға түсиник жумыслары алып барылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги