Республикалық қәнигелестирилген Кардиология орайының тәжирийбели шыпакери, артериал гипертония лабораториясының басшысы, медицина илимлериниң докторы Ҳамидуллаева Гулноз Абдусатторовна Қоңырат районында болып, райондағы усы бағдардағы наўқасларды медициналық тексериўден өткерди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Бул илаж Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Республикалық Кардиология диспансериниң жумыс режесине тийкарланып, республика аймақларында халыққа көрсетилетуғын қәнигелестирилген кардиологиялық жәрдем сапасын және де жақсылаў бойынша Республикалық Кардиология орайының жумыс режесине муўапық өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги