Екинши жер жүзилик урысында көрсеткен мәртлиги ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңиске өзлериниң үлкен үлесин қосқан, елимиздиң даңқабыройын арттырыў ҳәм жас әўладты жетик инсан етип тәрбиялаў бағдарындағы хызметлери ушын Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы мәжбүрий орынлаў бюросы Қоңырат районында жасайтуғын урыс ветеранлары Қудайберген ата Хожаметов ҳәм Камал ата Юсуповлардың коммуналлық хызметлерденэлектр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўынан пайдаланғаны ушын 300 мың сум муғдарындағы қәрежетлерин мәмлекет тәрепинен төлеп бериў ҳуқықы берилетуғын гүўалықларды тапсырды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги