Нөкис районында ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, жәрдемге мүтәж ҳәм аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, соның ишинде, майыплығы болған ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдемлер көрсетилмекте. Райондағы майыплығы болған 15 ҳаял-қызға тигиў машиналары берилип, олардың бәнтлиги тәмийинленген. Тийисли уйым ўәкиллери олардың ҳалынан турақлы түрде хабар алып келмекте. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги